Олий Мажлис Сенатында Өзбекстан Республикасы Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының мәжилиси болып өтти.

Мәжилисти Олий Мажлис Сенатының Баслығы, Өзбекстан Республикасы Гендер теңлигин тәмийинлеў мәселелери бойынша комиссиясының баслығы Танзила Норбоева алып барды. Онда кимиссияның 2019-жылдағы жумысы ҳәм 2020-жыл ушын ис режеси көрип шығылды.

Танзила Норбоева гендер теңликти тәмийинлеў мәселеси дүньяда өз әҳмийетлилигин жойытпағанлығын атап өтти. Гендер теңликке ерисиў жәмийетлик турмыстың барлық тараўларын турақлы раўажланыўға ерисиўдиң әҳмийетли тийкары деп бийкарға айтылмаған.

Бул бағдардағы нәтийжели сиясат өмир сүриўдиң даўамлылығы, билимлендириў сапасы, бәнтлик ҳәм улыўма, раўажланыўдың белгиленген көрсеткишлерине ерисиўге жәрдемлеседи. Сол себепли Өзбекстанда бул мәселелер мәмлекетимиздиң турақлы дыққат орайында турыпты.

Атап өтилгениндей, комиссия Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-марттағы «Ҳаял-қызлардың мийнет ҳуқықлары кепилликлерин буннан былайда  кушейтиў ҳәм исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаўға байланыслы илажлар хаққында»ғы қарары менен дүзилген еди. Гендер теңлик- нәтийжели экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўдың факторы. Сонлықтан мәмлекетимизде ҳаял-қызлардың өз имканиятларын толық әмелге асырыўы ушын барлық шараятларды тәмийинлеў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди.

Өткен қысқа ўақыт ишинде комиссия тәрепинен бирге ислесиўши структуралар менен биргеликте мәмлекетте гендер теңликти тәмийинлеў ҳәм ҳаяллардың социаллық турмыс шараятларын жақсылаў, шаңарақ институтын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў, ҳаяллардың ҳуқықлары кемситилиўиниң барлық формаларын сапластырыў бойынша улыўма тән алынған халықаралық нормаларды миллий нызам ҳүжжетлерине имплементациялаў, сондай-ақ, ҳаяллардың ҳуқықый мәдениятын арттырыў сыяқлы бағдарларда бир қатар әмелий жумыслар алып барылды.

Атап айтқанда, усы жылы мәмлекетимизде бул бағдарда әҳмийетли қәдем тасланды. Өзбекстан Республикасының «Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери хаққында»ғы нызамлары қабыл етилди, Сенатта Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери комитети дүзилди.

Комиссия тәрепинен бир қатар абырайлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте халықаралық форум, түрли әнжуманлар, сондай-ақ, «Биз зорлыққа қарсымыз» сүрени менен акциялар шөлкемлестирилди. Қорғаў ордерин бериў тәртибин енгизиў ҳәм әмелиятта енгизиў мақсетинде сырт ел тәжрийбеси үйренилип, оның жойбары ислеп шығылды ҳәм Министрлер Кабинетине усынылды.

Соның менен бир қатарда, ҳаялларға байланыслы зорлықты сапластырыўда уйымлараралық бирге ислесиў стандартларын жергиликли шараятқа бейимлестириў бойынша жумысшы топар шөлкемлестирилди. Оның ағзалары тәрепинен денсаўлықты сақлаў, ҳуқық қорғаў, психологиялық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң минимал стандартларын енгизиў бойынша халықаралық тәжрийбе үйренилмекте. Оннан тысқары, «Жәмийетлик пикир» республикалық жәмийетиликтиң пикирин үйрениў орайы тәрепинен «Өзбекстанда гендер теңлик тараўындағы мәселелер» темасында социаллық сораў өткерилди.

Өткен қысқа ўақытта комиссия тәрепинен орынларда 197 Зорлық көрсетиўден жәбир көрген шахсларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайы шөлкемлестирилди. Аўыр турмыс шараятында жасап атырған  1 мың 454 ҳаял-қыздың турақ жайы ушын басланғыш төлеми Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў жәмийетлик фонды есабынан төлеп берилди және усы мақсетлерге 25 миллиард 194 миллион сум қаржы қаратылды. Сондай-ақ, бундай категориядағы 13 мыңнан аслам ҳаяллардың жумысқа жайласыўы тәмийинленди. Бәнтлик бағдарламасына муўапық  250 мыңнан аслам ҳаял-қыз жумыс орны менен тәмийинленди.

Сиясий ҳәм ҳуқықый билимли, инновациялық идеяларға ҳәм шөлкемлестириўшилик қәбилетке ийе болған ҳаял-қызлардан ибарат 6 мыңнан аслам кадрлар резерви қәлиплестирилип, ҳаял-қызлардың усы жыл 22-декабрь күни болып өткен сайлаўда депутатлыққа талабан сыпатындағы белсене қатнасыўы тәмийинленди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги директорының орынбасары Саида Мирзиёева да өз пикирлерин билдирип өтти. Атап айтқанда, дүньяның раўажланған мәмлекетлеринен бири болған Бирлескен Араб Әмирликлеринде гендер теңлик мәселелерине айрықша қатнас жасаў тийкарында жумыс алып барылатуғыны хаққында айтты.

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеў-олардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўдың ең әҳмийетли факторы болып есапланады. Усы жағынан ҳаяллардың бәнтлигин тәмийинлеўде жаңа көзқарас шеңберинде Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги менен биргеликте мәмлкетимиздиң  14 аймағында Ҳаял-қызлар комитетлери жанында Ҳаял-қызлардың исбилерменлик орайлары шөлкемлестирилди. Бул орайларда 27 мыңнан аслам ҳаялларға жәрдем көрсетилди. 10 мың 500 ҳаял қысқа оқыў курсларында оқытылди. Усы илажлар нәтийжесинде 2,1 мың ҳаял-қыздың жумысқа жайласыўына ерисилди.

Мәжилисте ҳаял-қызлардың басқарыў, бизнес ҳәм исбилерменлик тараўларындағы қатнасын кеңейтиў, сондай-ақ шаңарақлық бизнес ҳәм жумысты үйге алып ислеўди раўажландырыў арқалы жумыс пенен тәмийинлеў мақсетинде алып барылған жумыслар да додоланды. Бул бағдарда ерисилген нәтийжелер республикамыздың ҳәр бир ўәлаяты мысалында анық санлар тийкарында көрип шығылды. Атап өтилгениндей, ҳаял-қызлар арасында киши бизнести раўажландырыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў мақсетинде Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларында аўыллық жерлерде жасаўшы ҳаял-қызлар ушын киши грантлар ажыратылды. Таңлаў жуўмағына бола 60 тан артық бизнес режелер қабыл етилип, солардан 50и әмелге асырыў ушын сайлап алынды.

Министрлик ҳәм уйымлардың жәмийетлик турмысында ҳаяллардың орнын беккемлеў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў, мийнет қатнасықларының белсендилигин арттырыў бойынша комплексли бағдарламаларын орынланыўын тәмийинлеў бойынша жумысын таллаў -Комиссия тәрепинен айрықша итибар қаратылған және бир бағдар болды. Атап айтқанда, өткен дәўирде Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәм Ҳаял-қызлар комитети басшылығының мәлимлемеси тыңланды.

Буннан тысқары, комиссия тәрепинен миллий ҳәм халықаралық стандартларды есапқа алған халда Өзбекстан Гендер теңлик стратегиясы жойбары ислеп шығылды. Оның мақсети мәмлекетимизде ҳаяллар ҳәм ерлер ушын социаллық, экономикалық, сиясий тараўда тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўден ибарат. Мәжилис шеңберинде оның презентациясы өткерилди.

Комиссия тәрепинен әмелге асырылған ҳәр бир илаж ҳәм келтирилген санлар артында зәрүр жәрдемге ийе болған, өзиниң ҳақ-ҳуқықларын билген ҳәм сол себепли турмысы жақсыланған ҳаял-қызлардың тәғдири жәмленген. Мәжилисте комиссия жанында ҳаял-қызлар клубын ҳәм МКШ клубын дүзиў усынысы билдирилди.

Мәжилисте комиссияның басқа жумыс бағдарлары да сын  көз қарастан додаланды.

Барлық көрип шығылған мәселелерден келип шыққан халда комиссияның перспективадағы жумыс бағдарлары ҳәм ўазыйпалары белгилеп алынды.

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы