Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы тәрепинен тийисли уйымлар менен бирликте жаңа жылға байланыслы шөлкемлестирилип атырған илажлардың кеўилли ҳәм қәўипсиз өтиўин тәмийинлеў мақсетинде бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Басқарма тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, пиротехникалық буйымларды нызамсыз түрде сақлаў ҳәм қолланылыўының алдын алыў бойынша орынларда 17  жумысшы топар дүзилип, олар тәрепинен арнаўлы рейдлер өткерилди. Анықланған фактлер бойынша тийисли шара көрилмекте.

Өткерилген рейдлер даўамында 22 саўда дүканы ҳәм орынлары, 29 жәмийетлик орындағы усақлап сатыў менен шуғылланатуғын пуқаралардың саўда орынлары, 21 базар ҳәм адамлар көп топланатуғын орынлар, 466 улыўма билим бериў мектеби үйренилген.

– «Президент аршасы» ҳәм «Жаңа жыл» байрамы илажларына таярлық көриў ҳәм өткериў дәўиринде өрт келип шығыўының алдын алыў ҳәм пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде барлық тийисли жумыслар әмелге асырылды,-дейди басқарманың мәлимлеме хызметиниң аға инспекторы, аға лейтенант Айбек Абдирахманов. – Усы мақсетте өрт қәўипсизлиги хызметкерлериниң жаўынгерлик экипажлардағы нәўбетшилиги шөлкемлестирилди.

Халық арасында ушырасыўлар өткерилип, ғалаба хабар қураллары арқалы байрам илажларын кеўилдегидей етип өткериў, байрам илажлары ўақтында жарылыўшы газ бенен толтырылған ҳаўа шарлары ҳәм пиротехникалық затлардан пайдаланыўдың алдын алыў мақсетинде үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Орынлардағы өрт-қутқарыў бөлимлериниң жеке қурамы тәрепинен байрам илажлары өткерилетуғын орынларда әмелий-тактикалық шынығыўлар өткерилди.

Республикамыздағы барлық район (қала)лардағы өрт қәўипсизлиги хызметкерлери «Президент аршасы» ҳәм «Жаңа жыл»ға бағышланған байрам илажларының кеўилдегидей өтиўине толық таяр.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.