Жаңа жыл байрамы алдынан Нөкис районында бир қатар объектлердиң жаңа имаратлары пайдаланыўға тапсырылды.

Атап айтқанда, Нөкис районының орайында жайласқан медицина бирлеспеси жуқпалы кеселликлер бөлиминиң жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бөлимде «Каракалпакстроймонтуправление» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен 2 миллиард 900 миллион сумлық  жумыс көлеми орынланды. Нәтийжеде 20 орынлық заманагөй имарат бой тикледи.

Сондай-ақ, райондағы медицина бирлеспесиниң имараты пайдаланыўға тапсырылды. Оның қурылысы ушын жергиликли бюджет есабынан  5 миллиард 600 миллион сум қаржы ажыратылды. Заманагөй жойбар тийкарында  70 орынға мөлшерленген бул үш қабатлы имараттың 1-қабаты балалар бөлими ушын мөлшерленген. 2-қабаты қыстаўлы медициналық жәрдем ҳәм 3-қабаты терапия бөлимлерине сай үскенеленип, барлық қолайлықларға ийе палаталар наўқаслардың хызметинде болады.

Районлық медицина бирлеспесине қараслы «Қырантаў» аўыл пуқаралар жыйынындағы 34-санлы аўыллық шаңарақ поликлиникасының имаратында да реконструкциялаў жумыслары алып барылып, бул ушын 1 миллиард 300 миллион сум қаржы жумсалды. Қурылыс жумыслары «18-санлы Шымбай қурылыс» кәрханасы тәрепинен әмелге асырылды.

Нөкис районы «Қутанкөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Нөкис районлық суў тармақлары филиалы «Қутанкөл» насос станциясы пайдаланыўға тапсырылды. Станцияда «Еркин қурылыс» кәрханасы тәрепинен 2 миллиард 83 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Яғный, 7  километр ишки суў тармақлары тартылып, 2 жер асты қудығы қазылды ҳәм 2 жер асты қудығы реконструкцияланды.  Нәтийжеде аймақтағы 479 шаңарақ таза ишимлик суўы менен тәмийинленди.

Районның «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «KPC Nukus herbal technology» кәрханасы ашылып, пайдаланыўға тапсырылды. Боян тамырының өндириси ҳәм экспорты менен шуғылланатуғын кәрханада 4,3 миллион долларлық барлық зәрүрли өндирислик әсбап-үскенелер Қытай Халық Республикасынан алып келинди. Кәрхана жылына 400 тонна таяр өним ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.

– Бүгинги күнде кәрханамызда 50-60 адам жумыс пенен тәмийинленген, – дейди «KPC Nukus herbal technology» кәрханасы баслығы Джунг Ю. – Келеси жылы 90 адамның бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм экспорт муғдарын 2 есеге көбейтиў нәзерде тутылған.

Нөкис районы ҳәкимлигиниң берген мағлыўматына қарағанда, жаңа жыл байрамы ҳәм районның шөлкемлестирилгенине 50 жыл толыўы қарсаңында районда 50-имарат пайдаланыўға тапсырылған.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.