Bek Air авиакомпаниясына тийисли самолёт қулаған орынға Қазақстан ҳүкимети комиссиясы жетип келди. Бул хаққында kazinform халықаралық мәлимлеме агентлиги хабар береди.
27-декабрь күни азанғы 07:22 де Бэк Эйр авиакомпаниясының Fokker-100 Алма-Ата – Нур-Султан жөнелиси бойынша №Z2100 рейси менен жолға шыққан самолёт ҳаўаға көтерилиў ўақтында жолдан аўып баслаған. Аэропорт шегарасындағы бетон тосықты бузып өткен самолёт Алма-Ата ўәлаятының Талғар районындағы Гульдала ҳәм Альмерек халықтың турақ жайы аймағында жайласқан еки қабатлы үйге урылған. Ўақыя орнына дәрриў 40 тез жәрдем бригадасы жетип келип, қутқарыў жумыслары баслап жиберилген. Өрт жүз бермеген.
Апатшылық себеплерин үйрениў ақыбетлери бойынша илажлар көриў мақсетинде Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин басшылығында ҳүкимет комиссиясы дүзилди. Комиссия қурамында Бас министрдиң орынбасары, Санаат ҳәм инфраструктуралық раўажланыў министрлери ҳәм басқа да бир неше мәмлекетлик кәрханалардың басшылары бар. Хабарда айтылыўынша, апатқа себепши болған, 1996-жылдың апрелинде ислеп шығарылған бул ҳаўа лайнерине ушыўға жарамлылық сертификаты усы жылдың май айында берилген. 2016-жыл августта Қазақстанда дизимнен өткен. Bek Air авиакомпаниясының ықтиярында Fokker-100 маркалы тап сондай жәми 10 дана ҳаўа кемесинен 9ы ушыўға жарамлы деген әмелдеги тийисли сертификатқа ийе. Ўақыя менен байланыслы басқа мағлыўматлар ҳәм апатшылық себеплери үйренилмекте. Ҳәзирше авиакомпанияның эксплуатация ҳәм ушыўға жарамлылық сертификатлары Қазақстан Авиация администрациясы тәрепинен музлатылған. Соңғы мағлыўматларға қарағанда, апатшылықта қайтыс болғанлардың саны 15.
2019-жылдың 28- декабри Қазақстанда улыўма миллий аза тутыў күни деп жәрияланды. Бул хаққында мәмлекет Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың мәлимлеме хаткери хабар берген. Қазақстан Республикасының Ишки Ислер министрлиги тәрепинен ўақыя бойынша тергеў ҳәрекетлери басланған. ИИМ мәлимлеме хызмети мағлыўматларына қарағанда, оператив-тергеў топары қурамы министрликтиң орайлық аппараты, сондай-ақ, Айрықша жағдайлар комитети ҳәм ИИМ, Алма- Ата қаласы ҳәм ўәлаяты транспорттағы полиция департаментиниң тәжирийбели қәнигелеринен дүзилген. Ўақыя орны қорғалмақта.
ӨзА