USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 4 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЎАТАНЫН СҮЙИЎШИ, ӨЗЛИГИН АҢЛАҒАН ӘЎЛАДТЫ ТӘРБИЯЛАЎ РУЎХЫЙ АҒАРТЫЎШЫЛЫҚ РЕФОРМАЛАРЫМЫЗДЫҢ БАСЛЫ МАҚСЕТИ БОЛЫП ЕСАПЛАНАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-декабрь күни Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятында әмелге асырылған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен соңғы жылларда пайтахтымыздың ески қала бөлегинде кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта. Соның ишинде, Өзбекстан Ислам цивилизациясы орайы, көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқа да социаллық объектлердиң қурылып атырғаны Ески қаланың көркине көрк қосып, оны пайтахтымыздың дыққатқа ылайық орынларының бирине айландырмақта.

Өзбек романшылығы мектебиниң тийкарын салыўшы, миллеттиң уллы жазыўшысы Абдулла Қадирийдиң естелигине ҳүрмет көрсетиў, миллий әдебиятымыздың раўажланыўына қосқан шексиз үлесин улығлаў мақсетинде Президентимиздиң басламасы менен пайтахтымыздың Абдулла Қадирий атындағы мәденият ҳәм дем алыў паркиниң алдында дөретиўшилик мектеби ҳәм музей бой тикледи. Паркке киреберисте уллы жазыўшының естелиги орнатылды. Бул ески қаланы мазмун жағынан байытты.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Жаңа жыл алдынан Абудулла Қадирий атындағы дөретиўшилик мектеби ҳәм музейин барып көрди.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп уллы жазыўшы естелигиниң ашылыў мәресимине қатнасып, оның естелигине гүл қойды.

Бүгин Өзбекстан «Миллий тиклениўден – миллий раўажланыўға қарай» деген баслы идея тийкарында раўажланыўдың жаңа басқышына өтпекте. Жәмийетимиздиң руўхый негизлеринен бири болған өзбек тилиниң орны ҳәм абырайын арттырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Ана тилимиз ҳәм миллий әдебиятымызды улығлаў, оның бай ғәзийнесин жас әўладқа жеткериў мақсетинде белгили шайыр ҳәм жазыўшыларымыздың атларындағы дөретиўшилик мектеплери шөлкемлестирилмекте. Муҳаммад Ризо Агаҳий, Исхоқхон Ибрат, Ҳамид Әлимжан ҳәм Зульфия, Эркин Воҳидов, Абдулла Арипов, Ибрайым Юсупов, Халима Худайбердиева, Муҳаммад Юсуф атындағы дөретиўшилик мектеплер усылардың қатарына киреди.

Талантлы жасларды анықлаў, оқытыў ҳәм тәрбиялаў жумысларын жаңа басқышқа көтериў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының быйыл 9-сентябрьдеги пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети  жанындағы Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплерди раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилди.

Абдулла Қадирий атындағы дөретиўшилик мектеби өзбек тили ҳәм әдебиятын, көркем дөретиўшилик сырларын терең үйрениўге қәнигелескен.

Бул билимлендириў орны Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-декабрьдеги бийлиги менен шөлкемлестирилген. 2019-2020-оқыў жылында оның 5, 6, 7 ҳәм 8-классларына дөретиўшилик имтиханлар ҳәм тест сынақлары тийкарында 121 оқыўшы таңлап алынды. 5-класс оқыўшысы, «Жас китапқумар» республикалық таңлаўының жеңимпазы Зилола Шомуродова да дөретиўшилик мектебине қабыл етилди.

Еки қабатлы мектепте ул-қызлардың тәлим-тәрбия алыўы ушын барлық шараят жаратылған. Ханалар кең, жақты, ықшам ҳәм қолайлы. Пән кабинетлери заманагөй технологиялар ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинленген. Китапхана әдебий шығармалар, көркем әдебиятларға бай. Ашық ҳәм жабық спорт залларында ул-қызлар спорт дөгереклерине қатнасыўы, саламатлығын беккемлеўи ушын қолайлықлар бар.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты, муғаллим ҳәм оқыўшылар менен сәўбетлести.

– Абдулла Қадирий дөретиўшилик мектебинде оқып атырған бул балалар жаңа Өзбекстан келешегиниң қурыўшылары болып есапланады. Барлық улыўма билим бериў мектеплери усы оқыў дәргайынан мәнаўиятты үйрениўи керек. Себеби бул жерде билим алып атырған балалар тек ғана мәнаўиятлы емес, ал өз Ўатанын жүректен жақсы көретуғын талант ийелери. Биз дөретиўшилик мектеплеринде ўатанын сүйиўши жасларды тәрбиялаўды мақсет еткенбиз, – деди Президентимиз.

Дөретиўшилик мектебинде «Қадирий даўамшылары», «Жас қәлемкешлер», «Жас журналистлер» сыяқлы дөгереклер, «Көркемлеп оқыў», «Көркемлеп сөйлеў» бойынша қосымша сабақлар шөлкемлестирилген. Белгили жазыўшы, шайыр ҳәм илимпазлардың қатнасыўында шеберлик сабақлары, Абдулла Қадирийдиң өмирине ҳәм дөретиўшилигине бағышланған руўхый-ағартыўшылық илажлар тез-тезден өткерилип турады.

Мәмлекетимиз басшысы жоқары оқыў орынларының илимпазлары бул жерде сабақ өтиўи, белгили жазыўшы ҳәм шайырлардың шеберлик сабақларын жолға қойыўы, сабақлар заманагөй методика тийкарында алып барылыўы зәрүр екенлигин атап өтти. Талантлы балалар тек ғана оқыў процеси менен шекленбестен, ал университетлерде әмелий шынығыўлар өтеўи керек екенлигин атап өтти. Ул-қызларға мәмлекетимиздиң тарийхын жетик үйретиў мақсетинде дөретиўшилик күнлери елимиздиң дыққатқа ылайық қалаларына саяхатларды шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берилди.

– Бул мектепте миллетин сүйиўши, өзлигин аңлаған әўлад тәрбияланатуғынына исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бизге белгили, быйыл Абдулла Қадирий туўылған күниниң 125 жыллығы кеңнен белгиленеди. Бундай илажлар жазыўшының атына қойылған дөретиўшилик мектебинде өзгеше руўхта өтти.

Тек ғана бул емес. Қадирий жасап, дөретиўшилик еткен үй музейге айландырылды. Абдулла Қадирий атындағы мәденият ҳәм дем алыў паркине киреберисте жазыўшының музейи қурылды. Бул имаратқа «Туран» китапханасы да жайластырылды. Бул тек ғана жазыўшының даўамшылары емес, ал әдебият, руўхый ағартыўшылық жәмәәтин, пүткиллей халқымызды шексиз қуўандырды.

Президентимиз музей ҳәм китапханадағы шараятларды да көзден өткерди.

Музейге киреберисте Абдулла Қадирийдиң ҳикметли сөзлери жазылған. Шеп тәрепте жазыўшының өмири ҳәм дөретиўшилик жылларының хронологиясы, репрессия жылларының экспонатлары, ғәрезсизлик жылларында Абдулла Қадирийға көрсетилген ҳүрмет сәўлеленген экспозициялар жайласқан. Тамашагөйлер залдағы үлкен мониторда жазыўшының шығармалары тийкарында сүўретке алынған «Өткен күнлер» ҳәм «Меҳрабтан шыққан шаян» фильмлерин, басқа да картиналарды көриўи мүмкин.

«Туран» китапханасы өткен әсирдиң басларында жадид ойшыллары тәрепинен шөлкемлестирилген болып, мәмлекетимиз басшысының басламасы менен китапхана және Ески қалаға көширилди. Китапханада  китапқумарлар ушын барлық имканиятлар жаратылған, оқыў заллары заманагөй компьютерлер, «WI-FI», принтер үскенелери менен тәмийинленген. Бул жерде имканияты шекленген шахслардың да пайдаланыўы ушын арнаўлы зал бар, брайл әлипбесиндеги әдебиятлар қойылған.

Мәмлекетимиз басшысы дерлик 400 мың китап фондына ийе китапхана әдебиятларынан ўатанласларымызды қуўантыў, буның ушын пайтахтымыздағы мәҳәллелер, мектеплерден халық ҳәм жаслардың экскурсияларын шөлкемлестириў, бир сөз бенен айтқанда, бул жерде турмыстың қайнаўы зәрүр екенлигин атап өтти.

– «Туран» китапханасы көширилип, орны жоқ етип қойылған еди. Бүгин китапхана және Ески қалаға қайтарылғаны жадид бабаларымыздың рухларын шад етти. Фитрат, Шолпан, Қадирий, Минаўўар қарый сыяқлы бабаларымыз бир ўақытлары имарат қурмаған, байлық арттырмаған, қандай қыйыншылықлар менен тапқан қаржысына китапхана қурдырған. Олар мине усы китапхананы өзлеринен естелик етип қалдырған, десек бул да әдалаттан болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жазыўшы ҳәм шайырлар, әдебияттаныўшы илимпазлар, жас дөретиўшилер менен сәўбетте мәмлекетимиз басшысы Ески қалада Абдулла Қадирий атындағы дөретиўшилик мектеби, жазыўшы музейи ҳәм китапхана қурылғаны усы жерге және берекет қайтып атырғанынан дәрек екенин атап өтти.

– Жуўмақланып атырған бул жылымыз да елимиз, халқымыз ушын салмақлы жетискенликлерге бай болып тарийхта қалады. Үлкен саўаплы жумыслар ислеп атырмыз, Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер қурыўға киристик. Усының менен мәмлекетимизде үшинши ренессанс дәўирине тырнақ қойдық. Сизлер менен бүгинги ушырасыўымнан мақсет әдебиятқа, мәнаўиятқа итибар бериў ушын және нелер ислеўимиз керек – усыларды пикирлесип алмақшыман. Бир нәрсени билиң, әдебиятсыз экономика да, мәнаўият та болмайды. Ҳәр қанша байлық китапсыз, билимсиз, мәнаўиятсыз узақ жасамайды. Дөретиўшилик мектеплеринде оқыған балалар ертең Ўатанға, шаңараққа қыянет етпейди. Усы тәрептен бул оқыў орынлары миллетимиз әдебиятын, мәнаўиятын улығлайтуғын ўатанын сүйиўши жасларды тәрбиялаўда таяныш болады, – деди Президентимиз.

Ушырасыўда Өзбекстан жаңа раўажланыў дәўирине қәдем таслағаны, елимиз өз жолын дурыс таңлап алғаны ҳәм бул жолдан ҳеш қашан қайтпаўын, кейинги үш жылда әдебиятқа, мәнаўиятқа итибардың күшейгени халқымызды руўхландырғаны айрықша атап өтилди. Жазыўшы-шайырлар мәмлекетимиздеги өзгерислерге жасларымызды тартыўда  өзлериниң дөретиўшилиги менен мәмлекетимизге күш-қанат болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының баслығы Сирожиддин Саййид, халық шайыры Маҳмуд Тоир, әдебияттаныўшы илимпазлар Наим Каримов, Иброҳим Ғафуров, жазыўшының ақлығы Хондамир Қадирий ҳәм басқалар Абдулла Қадирий репрессия жылларында оғада үлкен мәртлик көрсетип, халқымызға бийбаҳа мийрас қалдырғаны, бирақ усы күнге шекем оның бай мийрасы ҳәм естелигине жетерли дәрежеде ҳүрмет көрсетилмегенин айтып өтти. Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен Абдулла Қадирий дөретиўшилик мектеби ҳәм музейинен ибарат тутас комплекс пайдаланыўға тапсырылғаны мәмлекетимиздиң руўхый-ағартыўшылық турмысында үлкен ўақыя, жасларымыз, пүткил халқымызға мүнәсип  саўға болғанын атап өтип, буның ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдаршылық билдирди.

Усы күни Өзбекстан Президенти, Қураллы Күшлериниң Бас Сәркардасы Шавкат Мирзиёев Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты ҳәм Ташкент ўәлаятының Зәңгиата районындағы әскерий бөлимде болды.

Президентимиз тәрепинен берилген тапсырмаға муўапық, Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты ҳәм әскерий бөлим қайта шөлкемлестирилип, заманагөй әскерий қалашада жайластырылған еди.

Шавкат Мирзиёев бул жерде жаратылған шараятлар, оқыў-тәрбия процеси, заманагөй оқытыў қураллары, сондай-ақ, оқыў процесине мәлимлеме-коммуникация технологиялары қандай дәрежеде енгизилгени менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 17-январьдағы қарарына тийкарланып мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс тараўында жоқары қәнигели офицер кадрлар таярлаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университетиниң арнаўлы факультети Қорғаныў министрлигиниң Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты етип қайта шөлкемлестирилген.

Бул әскерий институтта алты бағдар бойынша офицер кадрлар таярланады. Он кафедра ҳәм қәнигелигин арттырыў факультетиниң жумысы жолға қойылған. Бар лабораториялар ең заманагөй үскенелер менен тәмийинленген. 700 орынға ийе асхана, спорттың 14 түри менен шуғылланыў имканияты болған жабық спорт залы бар. Бул жерге курсантлар техникалық бағдардағы жоқары оқыў орынларының ең қәбилетли студентлери арасынан сайлап алынады.

Сапар етиў ўақтында әскерий хызметкерлер, министрликлер ҳәм уйымлар, Илимлер академиясының басшылары, техника бағдарындағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары менен сәўбет болып өтти. Онда әскерий билимлендириўди раўажландырыў, әскерий байланыс қәнигелерин таңлап алыў ҳәм таярлаў бойынша кең системаны жолға қойыў бағдарында өз-ара биргеликте әмелге асырылыўы керек болған гезектеги илажлар белгилеп алынды.

Бүгинги мәлимлеме әсиринде оператив информация алмасыў, әсиресе әскерлер ушын оғада үлкен әҳмийетке ийе екенлиги бул системаны заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологиялары менен тәмийинлеў, байланыс қәўипсизлигин терең ийелеген қәнигелер таярлаў жумысларын турақлы қәлиплестирип барыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Бүгин байланыс тараўын раўажландырыў бойынша бир жыл алдын баслаған жумысларымыздың дәслепки нәтийжелерин көрип турмыз, – деди мәмлекетимиз басшысы. – Байланыс бойынша биринши институтымыз шөлкемлестирилди. Ол әскерий бөлим менен бир жерде жайласқаны курсантлардың теориялық шынығыўларды әмелият пенен үнлес өткериўде қолайлы болады. Енди итибарды сапаға қаратыўымыз керек.

Буннан тысқары мәмлекетимиз басшысына әскерий бөлимде әмелге асырылған қурылыс жумыслары, қорғаныў системасында байланыс тармақларын модернизациялаў, жаўынгерлик ҳәм оқыў процесслерин автоматластырыў бойынша жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Мәмлекетимиз басшысы ҳәр қыйлы абырайлы жарысларда Ўатанамыздың даңқын мүнәсип қорғап атырған әскерий спортшылар менен де сәўбетлести.

Шавкат Мирзиёев әскерий бөлим ықтыярындағы арнаўлы техника ҳәм байланыс қуралларының үлгилери менен танысты.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

ӨзАның хабаршылары