USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ГРАНТ ҚАРЖЫЛАРЫНАН НӘТИЙЖЕЛИ ПАЙДАЛАНЫЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ КӨРИП ШЫҒЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 25-декабрь күни грант қаржыларын жедел тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Мәмлекетимизде халықтың социаллық-экономикалық турмысын жақсылаў, усы мақсетте грантлар, техникалық ҳәм басқа да сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў, сырт мәмлекетлер, халықаралық шөлкемлер ҳәм қорлар менен байланысларды раўажландырыў бағдарында избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысының быйыл 10-октябрьдеги «Сыртқы бийғәрез жәрдем қаржыларын тартыў механизмлерин ҳәм донорлар менен ислесиўди жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында бул бағдарда жаңа вертикал система жаратылды. Грантларды муўапықластырыў ҳәм мониторинг етиў, донорлар менен ислесиў бойынша Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ўәкилликли уйым етип белгиленди, министрликте жаңа департамент шөлкемлестирилди.

Мәжилисте ҳәзирги ўақытқа шекем бар болған кемшиликлер көрсетип өтилди. Мәселен, ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз бойынша 667 миллион доллар грант есабынан 160 жойбар әмелге асырылмақта. Бирақ усы жойбарлардың жағдайы, қаржыларды өзлестириў нәтийжесин баҳалаў, мақсетли жумсаў үстинен қадағалаў механизми жоқ. Грантлар есабынан иске қосылған объектлер ҳәм үскенелерден, жойбарлар шеңберинде топланған тәжирийбеден нәтийжели пайдаланылмай атыр. Илим, инновация, экология сыяқлы тараўларға грантлар аз тартылып атыр.

Сол себепли грант қаржыларын жедел тартыў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў бойынша гезектеги әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Ҳәр бир тийкарғы тараў ҳәм тармақ бойынша жаңа грант қаржыларын тартыў бойынша тапсырмалар берилди. Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги ҳәм Қаржы министрлигине грантлар есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелилигин баҳалаў бойынша жаңа система жаратыў ўазыйпасы қойылды.

Сыртқы ислер министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигине сырт елдеги ўәкилханалар менен биргеликте халықаралық донор шөлкемлер менен бирге ислесиў байланысларын раўажландырыў бойынша тапсырмалар берилди.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитети, Аўыл хожалығы министрлиги 2020-жылы грантлар тартыў бойынша  «жол карталары»н ислеп шығыўы, бул қаржылар баслы мақсетлерге ҳәм анық жойбарларға бағдарланыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мысал ушын, денсаўлықты сақлаў системасы бойынша онкология, балалар кеселликлери ҳәм социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер, лабораториялар шөлкемлестириў сыяқлы тийкарғы бағдарларға Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми, JIСA, KOICA сыяқлы донорлардың қаржыларын тартыў мүмкин.

БМШтың Аралбойы регионы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондына да грантлардың келиўин көбейтиўге байланыслы көрсетпелер берилди.

Бийғәрез жәрдем есабынан сырт ел қәнигелерин ҳәм волонтёрларын тартыў көлемин кеңейтиў, олар менен турақлы сөйлесиў алып барып, тәжирийбесинен пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша тийисли илажлар белгиленди.

 

ӨзА