Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының қарары

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына 2019-жыл 22-декабрьде өткерилген сайлаўлар бойынша округлик сайлаў комиссияларының сайлаў нәтийжелерин анықлаў ҳаққындағы протоколларына тийкарланып ҳәм Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодексиниң 14, 73, 96, 97-статьяларына муўапық Орайлық сайлаў комиссиясы

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. 1. 2019-жыл 22-декабрьде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына сайлаў өткен деп есаплансын.
  2. 2. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына 125 сайлаў округинен сайланған депутатлар қосымшаға муўапық дизимге алынсын.
  3. 3. Усы қарар Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм «Халқ сўзи» ҳәм «Народное слово» газеталарында жәриялансын.

Баслық М.АБДУСАЛОМОВ

2019-жыл 25-декабрь

*   *   *

25/12 Өз-15

Өзбекстан Республикасы

Орайлық сайлаў комиссиясының

2019-жыл 25-декабрьдеги 1015-санлы қарарына

1-қосымша

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖЛИСИНИҢ НЫЗАМШЫЛЫҚ ПАЛАТАСЫНА 125 САЙЛАЎ ОКРУГЛЕРИНЕН САЙЛАНҒАН ДЕПУТАТЛАРДЫҢ ДИЗИМИ

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

Сайлаў округиниң аты
Фамилиясы, исми, әкесиниң исми
Туўылған жылы ҳәм жери
Депутаттың кандидатурасын көрсеткен сиясий партияның аты
Жумыс орны, лаўазымы
1.
1-Нөкис
Джумамуратов Руслан Таңатарович
1978-жыл, Шымбай районы
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы
Қарақалпақстан Республикасы қаржы министриниң орынбасары
2.
2-Төрткүл
Мамутов Равшан Аминнаддинович
1973-жыл, Төрткүл районы
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы
Өзбекстан Республикасы суў хожалығы министриниң орынбасары
3.
3-Елликқала
Ибрагимова Зухра Аметовна
1965-жыл, Төрткүл районы
Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы
4.
4-Әмиўдәрья
Бекатова Зумрад Рахимбаевна
1968-жыл, Әмиўдәрья районы
Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты
5.
5-Хожели
Ибрагимов Мухтар Мамутович
1972-жыл, Хожели районы
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң оқыў ислери бойынша проректоры
6.
6-Шымбай
Алдамуратов Бахытбай Умирзакович
1970-жыл, Тахтакөпир районы
Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал демократиялық партиясы
Тахтакөпир районы ҳәкиминиң экология ҳәм Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары
7.
7-Арал
Хожаназаров Турғанбай Жумамуратович
1974-жыл, Кегейли районы
Өзбекстан Экологиялық партиясы
Қарақалпақстан Респбликасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитетиниң баслығы