USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ ЕҚБШ ПАРЛАМЕНТ АССАМБЛЕЯСЫНЫҢ БАСЛЫҒЫН ҚАБЫЛЛАДЫ

Өзбекстан Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев 23-декабрь күни Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми Парламент ассамблеясының (ЕҚБШ ПАбаслығы Георгий Церетелиди қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшыси елимиз 2018-жылы  усы структурада қатнасыўын қайта тикленгенинен берли өз-ара қатнасықлар сапа жағынан жаңа дәрежеге көтерилгенин ҳәм унамлы пәтлерде раўажланып баратырғанлығын қанаатланыўшылық  пенен атап өтти.

Бүгинги күнде 2019-2020-жылларда ЕҚБШ Парламент ассамблеясы менен бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «Жол картасы» әмелге асырылмақта. Өзбекстандағы сайлаўларды бақлаўда биринши мәрте усы структура елиўге шамалас ўәкилинен ибарат болған делегациясы қатнасқанлығы атап өтилди.

Георгий Церетели Президентимиз Шавкат Мирзиёевқа қызғын қабыллағаны структура менен бирге ислесиў жеделлескени ушын миннетдаршылық билдирди.

ЕҚБШ ПА баслығы Өзбекстанның ассамблеяда қатнасыўы ЕҚБШға ағза мәмлекетлердиң нызам шығарыўшы уйымлары менен байланысларды беккемлеў шеңберинде мәмлекеттиң мәплерин алға қойыўда жаңа имканиятлар жаратқанлығын атап өтти.

Мийманның пикиринше, болып өткен сайлаўлар Өзбекстан ушын тарийхий әҳмийетке ийе, себеби олар кең көлемли реформалар дәўиринде, ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бюросының усыныслары да есапқа алынған жағдайда ислеп шығылған жаңа Сайлаў кодекси тийкарында өткерилди.

Ушырасыў соңында ЕҚБШның Өзбекстандағы сайлаўларды бақлаў бойынша узақ ҳәм қысқа муддеттли миссияларының жумысына қолайлы шараятлар жаратылғанлығы ушын миннетдаршылық билдирди.

 

ӨзА