UzAuto Motors компаниясы қымбат машиналар – Malibu ҳәм Tracker  ушын шөлкемлестирилген Жаңа жыл акциясын 22-декабрьден 29-декабрьге шекем созады. Бул ҳаққында aniq.uz  сайты мәлим етти.

Акцияның шәртлерине бола, қарыйдар Malibu ҳәм Tracker автомобильлерин 5 процент ҳәм 10 процент шегирмелер тийкарында сатып алыўы мүмкин.

Malibu-2 LT 1,5 Turbo – 265 000 000 сум

Tracker LT А/T – 199 000 000 сум

Tracker LT M/T – 170 000 000 сум

Қанша қаржы үнемленеди:

Malibu-2 LT 1,5 Turbo – 13 322 334 сум

Tracker LT А/T – 23 150 992 сум

Tracker LT M/T – 19 838 121 сум

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги