USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 3 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ПРЕЗИДЕНТ ШАВКАТ МИРЗИЁЕВ САЙЛАЎДА ДАЎЫС БЕРДИ

22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине сайлаўлар болып өтти.

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев шаңарақ ағзалары менен биргеликте Мырза Улығбек районындағы 162-сайлаў участкасына барып, даўыс бериўде қатнасты.

4d6397cd-5b1a-4c3d-de64-8803b7536f40.jpg

d83f2b6e-a33b-45c2-b63f-5d1153c35ecf.jpg

Мәмлекетимиз Конституциясының 117-статьясында пуқаралар мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкиллик уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықына ийе екени белгиленген. Даўыс бериў ҳуқықы, өз ерк-ықрарын билдириў теңлиги ҳәм еркинлиги нызам менен кепилленген.

Сайлаўда бес – Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы, Өзбекстан Халық демократиялық партиясы, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясы қатнасты.

Бул әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя «Жаңа Өзбекстан – жаңа сайлаўлар» сүрени астында, пуқаралардың сиясий белсендилиги артқан шараятта ҳәм жаңа сайлаў нызамшылығына муўапық өткерилди.

Өзбекстан тарийхында биринши рет бирден-бир Сайлаў кодекси қабыл етилди. Сайлаўға байланыслы 21 системаластырылды. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими енгизилди. Квота белгилеў институты бийкар етилди. Бес сиясий партияға, соның ишинде, жаңа Өзбекстан экологиялық партиясына саламат бәсекилесиў ушын тең шараят жаратылды. Сиясий партиялардың сайлаўалды ашық дебатлары жанлы эфирде сәўлелендирилди. Оларда жәмийетимизди ойландырып атырған тийкарғы мәселелер додаланды.

Соңғы жыллардағы ашық-айдынлық, демократиялық жаңаланыўлардың нәтийжесинде жәмийетимиз де өзгерди. Бул сайлаў процесинде де айқын көзге тасланды. Пуқаралар исеним ҳәм мәмлекеттиң тәғдирин ойлаў сезими менен сайлаў участкаларына келип, келешек ушын даўыс берди.

Мәмлекетимиз басшысы 162-сайлаў участкасына келген адамлар менен сәўбетлести, биргеликте сүўретке түсти. Биринши рет даўыс берген жаслар, ата-анасы менен келген балалардың оқыўларына табыслар тиледи.

c2dae0ce-16f2-33f4-4026-7750fb6a4993.jpg

Нуранийлер мәмлекетимизге тынышлық-абаданлық, Президентимизге беккем денсаўлық тилеп пәтия етти.

Барлық сайлаў участкаларында нызамшылығымызда белгиленген шараятлар жаратылды. Орынларда 6 мың 720 округ ҳәм 10 мың 315, соның ишинде, 38 мәмлекетте 55 сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, еркинен айырыў орынларында жазаны өтеп атырған оғада аўыр жынаятларға қол урмаған шахслар да сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болды.

Сайлаў процесин бақлаўда ҒМДА, ШБШ, ЕТРБ, Халықаралық жеке ҳуқық бойынша Гаага конференциясы, Түркий кеңес, ТүркПА, сондай-ақ, ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының толық миссиясының қурамында 700 ден аслам сырт ел ҳәм халықаралық бақлаўшы қатнасты.

Президент Шавкат Мирзиёев сырт елли бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен де сөйлести. Олар сайлаўлар ашық-айдын, жоқары дәрежеде өтип атырғанын, халықтың жәмийетлик-сиясий белсендилиги артқанын атап өтти.

40f78a10-b2af-8279-983a-9dfc7c23987d.jpg

96c17c19-f45e-2479-ae9c-c9e700bcfbbd.jpg

 

b8775763-1b99-97f6-9472-498aff8b164f.jpg

6932a470-6038-39f0-085b-1b62a16a30e8.jpg

5275681c-2a53-62c7-ead9-72437a8615b5.jpg

af13330b-03c0-48e0-b98a-5f023e5f0c88.jpg

b5b6782c-c14b-c24e-c38f-b166f2e727d9.jpg

c5f9477e-3781-63b4-80fe-aa23929f4a80.jpg

f59bc147-7ccb-1503-285a-5bc3c4f81be2.jpg

 

ӨзА