Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығы ушын талабанлығы дизимге алынған 6 пуқара сайлаўға шекем өз қәлеўи менен талабанлықтан ўаз кешкен. Бул ҳаққында Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мирзо Улуғбек Абдусаломов мәлим еткен.

Олар арасында 4-Әмиўдәрья сайлаў округинен Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлығына «Адолат» социал-демократиялық партиясынан талабан Зоҳиджон Зиёдуллаев та бар.

– Талабанлар өз ықтыярлары менен кандидатурасын қайтарып алды. Бул процесте қандайда бир басым өткериў жағдайлары анықланбады. Сайлаў нызамшылығына муўапық, сайлаў күнине 15 күн қалғанға шекем партиялар, сайлаўға 1 күн қалғанға шекем талабанлар өз кандидатурасын қайтарып алыў ҳуқықына ийе. Олар усы ҳуқықларынан пайдаланған, – деп айтып өткен ОСК баслығы Халықаралық баспасөз орайындағы брифингте.

Бул талабанның сайлаў бюллетеньлеринде көрсетилген аты, фамилиясының үстинен көк реңли ручкада туўры сызық сызылған. Оларға мүддетинен алдын даўыс берилген бюллетеньлер ҳақыйқый емес деп есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.