Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Н.Йўлдошевтиң мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта прокуратура уйымларына сайлаў мәселесинде пуқаралар, соның ишинде, сайлаўшылар және талабанлардан улыўма 65 мүрәжат келип түскен.

Соннан 2 мүрәжат Қарақалпақстан Республикасынан келип түскенлиги мәлим болды.

Мүрәжатларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине өткерилип атырған сайлаўларға байланыслы мәселелер өз сәўлелелениўин тапқанлығын айтып өткен Н.Йўлдошев.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.