Сайлаў процесиниң әдил түрде өтиўин тәмийинлеў мақсетинде сынаў тәризинде Өзбекстандағы 20 сайлаў участкасына биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылмалар орнатылған.

Бундай қурылма Қарақалпақстан Республикасы Қанлыкөл районы «Халықлар дослығы» мәкан пуқаралар жыйынындағы 1-санлы улыўма билим бериў мектеби имаратында жайласқан 281-сайлаў участкасына орнатылған.

Бул участкада улыўма сайлаўшылар саны 1129 болып, биометриялық паспорт тийкарында шахсты идентификациялаўшы қурылма арқалы сайлаўға қатнасып, мүнәсип талабанларға даўыс бермекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан бойынша 20 сайлаў участкасында, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасындағы 4 сайлаў участкасындағы болып атырған процеслерди онлайн режимде бақлап барыў ушын видеокамералар орнатылған. Бул болса пуқаралардың даўыс бериў процесин Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайына тиккелей видеотрансляция етиў имканиятын бермекте.

Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан Республикасында улыўма 995 320 сайлаўшы дизимге алынған болып, саат 18:00 ге шекем олардың 73,1% и даўыс бериўге қатнасқан.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.