Социаллық тармақларда жақын күнлерде Өзбекстанда пул бирлигиниң өзгериўи мүмкинлиги, 22-декабрь – Олий Мажлис ҳәм жергиликли Кеңеслерге сайлаўлар жуўмақланғаннан соң жаңа көринистеги пул бирлиги енгизилиўи ҳаққындағы хабарлар тарқалды. Өзбекстан Республикасының Орайлық банки бул хабарларға анықлық киргизди:
«Өзбекстан Республикасы Орайлық банки, соңғы ўақытларда социаллық тармақларда тарқалып атырған пул бирлигиниң деноминацияланыўы ҳаққындағы хабарлар бойынша төмендегилерди мәлим етеди.
Бул хабарлар ҳеш қандай тийкарға ийе емес. Ҳәзирги ўақытта пул бирлигин деноминациялаў мәселеси Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Орайлық банки тәрепинен нәзерде тутылмаған».
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.