Сайлаў – 2019

Бүгин саат 17-00ге шекем Нөкис қаласындағы 14cанлы сайлаў участкасында депутатларды сайлаўға қатнасатуғын 1844 сайлаўшыдан 700 ден асламы даўыс бериўге қатнасты.

– Сайлаўшылардың 25 и мүддетинен бурын даўыс берди,-дейди участкалық сайлаў комиссиясының баслығы Р.Сапаров. – Сиясий партиялардың исенимли ўәкиллери ҳәм басқа да бақлаўшылар сайлаў процесин бақлап бармақта.

Сайлаў участкамызда халықаралық бақлаўшылар да болып, даўыс бериўге жаратылған шараятлар менен танысты ҳәм жоқары баҳа берди.

Сайлаўлардың ашық-айдын өтиўи ҳәм сайлаўшылардың өз ерк-ықрарын еркин билдириўи ушын барлық мүмкиншиликлер жаратылған. Сайлаўдың әдил өтиўине ҳәрекет етемиз.

– Мен сайлаўға қоңсы-қобаларым менен бирге келдим,-дейди усы аймақ турғыны, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң доценти, филология илимлериниң кандидаты Қуралбай Пахратдинов. – Быйылғы сайлаўдың ашық-айдын түрде, үлкен көтериңкилик руўхында өткерилип атырғанлығынан қуўанышлымыз. Бул жерде сайлаўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған екен.

Сайлаўда елимиздиң келешеги ушын жан күйдирип ислейди деп, өзимиз исенген талабанларға даўыс бердик.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.