САЙЛАЎ-2019

АҚШ тың Халықаралық стратегиялық изертлеўлер ассоциациясының президенти Грегори Купли республикамызда болып, сайлаў процесслери менен жақыннан танысты.

Дүньяға белгили белгили аналитик ҳәм тарийхшы Нөкис қаласындағы 16-санлы сайлаў участкасында болып,  сайлаўшыларға жаратылған шараятлар менен танысты. Участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары менен сәўбетлести ҳәм өзин қызықтырған сораўларға жуўап алды. Мәлим болғанындай, бул сайлаў участкасында жәми 2080 сайлаўшы болып, соннан 17 сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс берген. Халықаралық бақлаўшы сондай-ақ, Мойнақ районындағы 360-сайлаў участкасында да болды.

Латвиялы халықаралық бақлаўшы Ольга Павук бүгин Нөкис қаласындағы бир қатар сайлаў участкаларындағы сайлаўлардың барысы менен танысты.

-Өзбекстандағы сайлаўларда екинши мәрте қатнасыўым,-дейди халықаралық бақлаўшы Ольга Павук.-Ҳақыйқатында да быйылғы сайлаўлар бурынғыларға қарағанда жоқары көтериңкилик пенен өтип атырғанының гүўасы болдым. Айырым сайлаў участкаларына сайлаўшылардың азанғы саат 8 ден бурын келип турғаны буның гүўасы болып табылады. Бул Президент Шавкат Мирзиёевтың басшылығында елиңизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың унамлы нәтийжеси,деп билемен.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.