Кегейли районында да сайлаўларда талабанларға даўыс бериў даўам етпекте.

Итибарлысы, сайлаўларда кегейлили жаслар менен жасы үлкенлер де белсендилик пенен қатнасып, өзлери мүнәсип деп билген талабанларға даўыс бермекте.

«Жалпақ жап» аўыл пуқаралар жыйынындағы 231-сайлаў участкасы да ерте азаннан даўыс бериў мақсетинде келген пуқаралар менен толды.

Аймақтан 50 жас биринши мәрте даўыс береди.

– Сайлаўға биринши мәрте қатнасып атырман, – дейди сайлаўшы Ҳүрлиман Ережепова. -Сол себепли азырақ албырап турған болсам да, өз келешегимизди даўыс бериў арқалы өзимиз қуратуғынымызды сезинип, исеним менен бюллетенлерди толтырдым. Соның ушын да сайлаў участкамыз бойынша бириншилерден болып өзим мүнәсип деп билген талабанларға даўыс бердим.

Районның барлық аймақларында сайлаў процеси жоқары жәмлескенлик руўхында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.