Сайлаў-2019

Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық Палатасына сайлаӯ өткериўши 8, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесине сайлаӯ өткериўши 65, сондай-ақ, халық депудатлары қалалық ҳәм районлық Кеӊеслерине сайлаў өткериўши 425 сайлаў округлери аймағындағы 622 сайлаў участкаларында даўыс бериў даўам етпекте.

Республикамыздағы барлық сайлаў участкаларында азанғы саат 08:00ден Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлап, бул сайлаўларға пуқаралар белсене қатнаспақта. Сайлаўларға республикамыздан 995 мың 36 пуқара қатнасыўы күтилген болып, олардың 58 мың 74и биринши мәрте даўыс берип атырған жаслар есапланады.

Сайлаў мапазын халық арасында кең түрде үгит-нәсиятлаў, бул бойынша пуқаралардың сиясий билимлерин арттырыў, оларды жүз берип атырған сиясий процесслер менен жақыннан хабардар етип барыў мақсетинде Орайлық Сайлаў комиссиялары жанынан Халықаралық Баспасөз орайы дүзилген.

Сайлаў күни Халықаралық баспасөз орайында Қарақалпақстан бөлиминде жумыс қызғын. Бул орайда республикамыздағы ҒХҚлары хызметкерлериниң сайлаў процесин халыққа оператив ҳәм сапалы жеткериўи ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Сондай-ақ, елимиздеги сайлаўларды жарытыў ушын келген шет ел ҒХҚлары хызметкерлери де Халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлимине келип, сайлаўдың жергиликли ҒХҚларында жарытылыў барысы менен таныспақта.

Олардың бири, Россияның «РИА новости» хабар агентлиги журналисти Дмитрий Виноградов елимиздеги бул үлкен сиясий ўақыя ҳаққында өзиниң пикирлерин билдирди.

-Нөкиске  бүгин азанда келдим. Ең дәслеп, қаланың жүдә таза ҳәм жасыл екенлиги итибарымды тартты. Бизлер Москвада бул жер ҳақкында қумлы шөлистан деп ойлайтуғын едик. Бирақ, Нөкис қаласы заманагөй қала екен. Қала берсе, мен Савицкий музейин келип тамаша етиўди әрман ететуғын едим. Усы әрманым орынланды.

Бир қанша сайлаў участкаларын да барып көрдик. Адамлардың сайлаўға белсене қатнасып атырғанын ол жерде жүдә көп сайлаўшыларды ушыратқанымнан байқадым. Сайлаў нызамшылығындағы барлық қағыйда ҳәм талаплар орынланған. Жасырын даўыс бериў талаплары толық сақланған.

 Орайлық сайлаў комиссиясы жанындағы Халықаралық баспасөз орайы Қарақалпақстан бөлими

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги