Бүгин, 22-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси ҳәм халық депутатлары Кеңеслерине сайлаўлар болып өтпекте.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шаңарақ ағзалары менен биргеликте Мырза Улығбек районындағы 162-сайлаў участкасына келип, даўыс бериўде қатнасты.

Бул әҳмийетли жәмийетлик-сиясий ўақыя «Жаңа Өзбекстан-жаңа сайлаўлар» сүрени астында, пуқаралардың сиясий белсендилиги артқан шараятта ҳәм жаңа сайлаў нызамшылығына муўапық өтпекте.

Өзбекстан тарийхында биринши мәрте бирден-бир Сайлаў кодекси қабыл етилди. Сайлаўға тийисли 21 нызам системаластырылды. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими енгизилди. Квота белгилеў институты бийкар етилди. Бес сиясий партияға, соның ишинде, жаңа Өзбекстан экологиялық партиясына саламат бәсекилесиўи ушын теңдей шараятлар жаратылды. Сиясий партиялардың сайлаўалды ашық сөйлесиўлери жанлы эфирде жарытылды. Оларда жәмийетимизди ойландырып атырған тийкарғы мәселелер додаланды.

Соңғы жыллардағы ашық-айдынлық, демократиялық бурылыслар нәтийжесинде жәмийетимиз де өзгерди. Бул сайлаў процесинде де айқын көзге тасланбақта. Пуқаралар исеним ҳәм мәмлекет тәғдирин ойлаў сезими менен сайлаў участкаларына келип, келешек ушын даўыс бермекте.

Мәмлекетимиз басшысы 162-сайлаў участкасына келген адамлар менен сәўбетлести, биргеликте сүўретлерге түсти. Биринши мәрте даўыс берген жаслар, ата-анасы менен келген балалардың оқыўларына раўаж тиледи.

Нуранийлар мәмлекетимизге тынышлық-абаданлық, Президентимизге саламатлык-аманлық тилеп пәтия етти.

Барлық сайлаў участкаларында нызамшылығымызда белгиленген шараятлар жаратылған. Орынларда 6 мың 720 округлик ҳәм 10 минг 315, соның ишинде, 38 мәмлекетте 55 сайлаў участкасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, еркинен айырыў орынларында жазаны өтеп атырған оғада аўыр жынаятларды ислемеген шахслар да сайлаўда қатнасыў ҳуқықына ийе болды.

Сайлаў процесин бақлаўда ҒМДА, ШБШ, ЕҚБШ, Халықаралық жеке ҳуқық бойынша Гаага конференциясы, Түркий кеңес, ТүркПА, сондай-ақ, ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының толық миссиясы қурамында 700 ден зыят сырт ел ҳәм халықаралық бақлаўшылар қатнаспақта.

Президент Шавкат Мирзиёев сырт ел бақлаўшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен де пикирлести. Олар сайлаўлар ашық-айдын, жоқары дәрежеде өтип атырғанын, халықтың жәмийетлик-сиясий белсендилиги артқанын атап өтти.

 

ӨзА