USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 4 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН-ЯПОНИЯ: САЎДА-ЭКОНОМИКАЛЫҚ, ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ҲӘМ ТЕХНОЛОГИЯЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ТАРАЎЫНДА ЖАҢА БЕТ

Алдын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония Бас министри Синдзо Абэниң мирәт етиўине бола 17-декабрь күни рәсмий сапар менен Нагоя қаласына келди.

Мәмлекетимиз басшысы Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асо, парламенттеги «Өзбекстан – Япония» дослық лигасының  белсендилери ҳәм Күншығыс мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм банклериниң ўәкиллер менен ушырасыўлар өткерди

Мәмлекетимиз басшысының Японияға сапар етиўи бағдарламасы 18-декабрь күни ерте азанда Аичи префектруасының губернаторы Хидэки Омура менен ушырасыўдан басланды.

Аичи префектурасы Японияның орайлық бөлегинде, Тюбу ўәлаятында жайласқан. Префектураның жалпы ишки өниминиң көлеми 375,3 миллиард доллар болып,  Токиодан кейин екинши орында турады. Автомобиль қурылысы, аэрокосмослық санаат, керамикалық буйымларды ислеп шығарыў, металлургия, аўыл хожалығы аймақ экономикасының тийкарғы тармақлары есапланады.

Аичи санаат өнимлерин ислеп шығарыў бойынша Японияда жетекши. Аймкақта «Toyota» корпорациясы, сондай-ақ, автомобильлер ушын комплектлеўши бөлеклер таярлайтуғын көплеген заводлар (кластерлер)дың резиденциялары ҳәм өндирис қуўатлылықлары жайласқан. Сондай-ақ, бул жерде Японияның  Toyota Motor Corporation, DENSO, Panasonic Ecosystems, Mitsubishi Aircraft Corporation, Brother Industry, Aichi Steel, Makita, Rinnai, INAX, Kagome, Daido Metal Industry, Asahi Beer сыяқлы ири компаниялары жумыс алып барады.

Транспорт бөлеклери, технологиялық үскенелер, шойын ҳәм полат, каучук ҳәм пластмасса ислеп шығарыў бойынша да префектураның потенциалы жоқары.

Тюбу ўәлаяты самолёт ҳәм олар ушын аўысық бөлеклердиң 50 процентин ислеп шығаратуғын Японияның аэрокосмослық технологиялар таярлайтуғын ири орайы да. Аичи префектурасы санаат роботларын жеткерип бериў, оларды ислеп шығарыўшы кәрханалар ҳәм тараўда жумыс алып барып атырған қәнигелердиң саны бойынша Күншығыс елинде биринши орында турады.

2018-жылы аймақтың сыртқы саўда айланысы 226,5 миллиард долларды қураған. АҚШ,Қытай, Европа Аўқамы мәмлекетлери, Корея Республикасы оның тийкарғы саўда шериклери есапланады.

Өзбекстан ушын Японияның усы ҳәкимшилик аймағы менен тиккелей байланыслар орнатыў ҳәр тәреплеме пайдалы болып есапланады.

Ушырасыўда мәмлекетимиз бенен Аичи префектурасы арасында билимлендириў ҳәм мәденият тараўында нәтийжели сөйлесиўлер жолға қойылғаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Инновациялар, санаат, аўыл хожалығы ҳәм қоспа агрокластерлер шөлкемлестириў, туризм, академиялық алмасыў тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм анық жойбарларды алға қойыў ушын имканиятлар бар екенлиги айрықша атап өтилди.

Өзбекстан тәрепинен префектураның шериги етип Ташкент ўәлаяты  белгиленди. Өз-ара сапар етиўлерди шөлкемлестириў ҳәм Аичидан авиақатнаўларды жолға қойыў мәселесин көрип шығыўға келисип алынды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Нагоя қаласының мэри Такаси Кавамура менен ушырасыў өткерди.

Нагоя Японияның илим ҳәм санаат раўажланған ири орайы болып, жалпы ишки өними 117 миллиард доллардан артады. Бул халықтың жан басына есаплағанда 52 мың долларға тең. Машина қурылысы, металлургия, химия, нефтьти қайта ислеў, тоқымашылық, жеңил санаат аймақтың тийкарғы санаат тармақлары есапланады. Японияның ең ири портларынан болған Нагоядан жылына 110 миллион тоннадан аслам жүк тасылады.

Сөйлесиўде Нагоя мэрлиги делегациясының Өзбекстанға сапар етиўи нәтийжесинде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери додаланды.

Пайтахтымыз Ташкентте Нагоя жоқары технологиялар паркин шөлкемлестириў, экономика, санаат, транспорт, билимлендириў, туризм ҳәм басқа да тийкарғы бағдарларда инновациялық жойбарларды әмелге асырыў усылардың қатарына киреди.

2020-жылға мөлшерленген қоспа илажлар «жол картасын» ислеп шығыўға келисип алынды.

Ушырасыў соңында Ташкент қаласы ҳәкимлиги ҳәм Нагоя мэрлиги арасында шериклик ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары шеңбериндеги гезектеги әҳмийетли мәнзил Нагоя университети болды.

Нагоя университети дүньядағы ең абырайлы илим ҳәм билимлендириў орынларынан, континенттеги ең үлгили жоқары билимлендириў дәргайларынан бири болып есапланады. Бул университетте дүньяға белгили көплеген илимпазлар билим алған ҳәм мийнет етпекте, бул жерден физика ҳәм химия пәнлери бойынша алты Нобель сыйлығының лауреатлары жетисип шыққан. Бүгинги күнде университетте 16 мыңнан алсам студент билим алады. Соннан 2,6 мыңы сырт мәмлекетлердиң, 30 дан асламы Өзбекстанның жаслары болып есапланады. Ҳәзирги күнге шекем бул университетте 400 ден аслам өзбекстанлы студент ҳәм изертлеўши билим алған.

2010-жылы Ташкентте Нагоя университетиниң ўәкилханасы ашылған еди. ҒМДАдағы бирден-бир бул ўәкилхана мәмлекетлеримиздиң жоқары оқыў орынлары ушын билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлер тараўында көпир ўазыйпасын атқармақта. Тиккелей университеттиң қатнасыўында еки мәмлекетте турақлы өткерилип атырған Өзбекстан – Япония студентлериниң академиялық форумы ҳәм жоқары оқыў орынлары ректорларының дәстүрий конференциялары илимий турмысымызда үлкен роль атқармақта.

Мәмлекетимиз басшысы университеттиң жумысы менен танысты, оның президенти Сейичи Мацуо менен ушырасты. Ушырасыўда бир неше Нобель сыйлығының лауреатлары ҳәм басқа да илимпазлар қатнасты.

– Сизиң елимизге илимий бирге ислесиўимизди раўажландырыў бойынша ислеп атырған үлкен хызметлериңизди айрықша қәдирлеймиз. Әсиресе, өткен жылы Нобел сыйлығының лауреаты, профессор Рёжи Ноёри мырза менен биргеликте Өзбекстанға еткен сапарыңыз мәмлекетимиздиң илимий турмысында әҳмийетли ўақыя болды, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сейичи Мацуоның Өзбекстан илиминиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырғанын итибарға алып, жақында Ташкент мәмлекетлик техника университетиниң илимий кеңеси оны университеттиң ҳүрметли ректоры етип сайлады. Сондай-ақ, Өзбекстан Илимлер академиясы тәрепинен профессор Ноёриге ҳүрметли академик атағы берилди.

Ушырасыўда Президентимиз Сейичи  Мацуо ҳәм Рёжи Наёриди усы атақлар менен қутлықлады.

Академиялық алмасыўларды жеделлестириў ҳәм бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарларында қоспа илимий-изертлеўлерди әмелге асырыўға келисип алынды.

Нагоя университетинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа ҳүрметли доктор атағын тапсырыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Онда университет басшылары, профессор ҳәм оқытыўшылар, студентлер ҳәм Нобель сыйлығының лауреатлары, Японияда билим алып атырған өзбекстанлы жаслар қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының билимлендириў тараўын раўажландырыўға қосқан үлкен үлеси ҳәм илим және академиялық алмасыўларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлағаны ушын, сондай-ақ, Өзбекстанда жаңа басқышта әмелге асырылып атырған экономиканы либералластырыў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў бағдарындағы реформалар тән алынғаны сыпатында Нагоя университетиниң илимий кеңеси Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа университеттиң ҳүрметли докторы атағын бериў ҳаққында қарар қабыл етти.

Мәресимде Нагоя университетиниң президенти Сейичи Мацуо шығып сөйлеп, Өзбекстан басшысы еки мәмлекет арасында илим тараўындағы байланысларды раўажландырыўға үлкен итибар қаратып атырғаны, бул қарар тәреплердиң билимлендириў тараўындағы узақ мүддетли ҳәм перспективалы бирге ислесиўин және де кеңейтиўге болған умтылысының көриниси екенин атап өтти.

Президентимиз заманагөй раўажланыўдың гилти усы илим ҳәм билимлендириўде екенин терең аңлап, инсан капиталына инвестиция киргизиўди мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерди. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен билимлендириў тараўы түп-тийкарынан реформаланбақта. Өзбекстанның ертеңги күни заманагөй кадрларға байланыслы екенин есапқа алған ҳалда, мектепке шекемги билимлендириў, улыўма билимлендириў ҳәм жоқары билимлендириў системасы мазмуны ҳәм сапа жағынан жаңаланбақта.

Мәмлекетимизде Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплердиң шөлкемлестирилгени елимиз перзентлери ушын тәлим-тәрбия алыў бағдарында жаңа имканиятлар жаратады.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев өзиниң шығып сөйлеген сөзинде өзбек ҳәм япон халықларын уқсас миллий ҳәм әдеп-икрамлылық қәдириятлар менен бирге илим және билимге, жетикликке бәрқулла умтылып жасаў сыяқлы жақсы пазыйлетлер бирлестирип туратуғынын атап өтти. Заманагөй дүньяда инсан капиталы, интеллектуаллық потенциал, инновациялық идеялар, жоқары технологиялар жедел ҳәм турақлы раўажланыўдың фундаменталлық тийкарын қурайтуғынын атап өтти.

– Бул атақты, мен бәринен бурын Өзбекстан халқына көрсетилген ҳүрметтиң көриниси, деп қабыл етемен ҳәм буның ушын Нагоя университетиниң басшыларына, оның илимий жәмәәтине терең миннетдаршылық билдиремен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз Өзбекстанның билимлендириў ҳәм илим тараўларындағы кең көлемли реформалар ҳаққында сөз етти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Япония бирге ислесиўинде үлкен жумыслар әмелге асырылғанын атап өтип, ҳәзирги ўақытта бул бағдарда еле иске қосылмаған имканиятлар да бар екенлигин атап өтти ҳәм бир қатар усынысларды алға қойды.

Президентимиз Өзбекстан – Япония әзелий дослығының нышаны сыпатында мәмлекетимизде өзбек ҳәм япон тиллеринде басып шығарылған бир қанша китап ҳәм альбомларды Нагоя университетиниң китапханасына саўға етти.

Усы жерде Шавкат Мирзиёев Нагоя қаласында билим алып ҳәм илим менен шуғылланып атырған ўатанласларымыз бенен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысының сапар етиўи шеңберинде Нагоя университетинде Өзбекстан – Япония студентлериниң академиялық форумы шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзёев күннин екинши ярымында Токио қаласына келди.

«Ханэда» халықаралық аэропортында Өзбекстан Республикасы Президентин Япония билимлендириў, мәденият, спорт, илим ҳәм технологиялар, билимлендириў системасын тиклеў мәселелери министри Хагиуда Коичи, Япония Сыртқы ислер министрлигиниң Орайлық Азия бойынша арнаўлы ўәкили Хидеки Уяма ҳәм басқа да расмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токио қаласындағы Акасака резиденциясында Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асоны қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан менен Япония арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәр тәреплеме беккемленип атырғанын, сондай-ақ, саўда-экономикалық бирге ислесиў кеңейип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Жоқары дәрежедеги сапар етиў алдынан еки мәмлекеттиң көп санлы компаниялары ҳәм банклериниң қатнасыўында өткен бизнес-форумның жоқары нәтийжелери унамлы баҳаланды.

Ушырасыўда инвестициялық, технологиялық, финанслық ҳәм финанслық-техникалық бирге ислесиўди кеңейтиў, аўыл хожалығы, энергетика ҳәм басқа да тараўларда қоспа жойбарларды алға қойыў перспективалары додаланды.

Сапар етиў даўамында салық тараўы ҳәм бажыхана жумысы бойынша қол қойылып атырған еки тәреплеме келисимлердиң әҳмийети атап өтилип, бул узақ мүддетли исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ушын қолайлы шараятлар жарататуғыны атап өтилди.

Экономика тармақлары ҳәм қаржы системасын реформалаўдың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Япония парламентиниң «Өзбекстан – Япония» дослық лигасының ўәкиллери менен ушырасты. Илажда усы лиганың бир қатар ағзалары, соның ишинде, оның баслығы – Япония Бас министриниң орынбасары, қаржы министри Таро Асо қатнасты.

Парламентлераралық байланыслар көп қырлы Өзбекстан – Япония бирге ислесиўине беккем тийкар болып хызмет етеди.

Еки мәмлекеттиң нызам шығарыўшы уйымларының арасындағы байланыслар 1993-жылы орнатылған. Япония парламентинде «Өзбекстан – Япония» дослық лигасы шөлкемлестирилген. Оның қурамына белгили сиясий ғайраткерлер, депутатлар, дипломатлар, ең баслысы, мәмлекетимиздиң ҳақыйқый ҳәм исенимли дослары киреди.

Сөйлесиў ўақтында еки мәмлекеттиң әмелий бирге ислесиўин кеңейтиў, Өзбекстан ҳәм Япония халықлар дослығын беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Ҳәзирги ўақытқа шекем парламентлераралық форумның еки қоспа мәжилиси болып өткен. Оның үшинши мәжилисин Ташкентте өткериў ҳаққындағы келисимге ерисилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Токио қаласында Япония исбилермен топарларының ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Онда JETRO, JICA, JABIC, NEDO, JOGMEC, Mitsubishi, Itochu, Sumitomo, Marubeni, Isuzu сыяқлы корпорация ҳәм компаниялар, финанслық структуралардың басшылары қатнасты.

Ушырасыўдың алдында 16-декабрь күни Токиода болып өткен Япония – Өзбекстан бизнес-форумының нәтийжелери ҳаққында мәлимлеме берилди.

Президентимиз Япония компаниялары ҳәм финанслық структураларын Өзбекстанда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасыўға мирәт етти.

– Япония – бизлердиң стратегиялық шеригимиз. Өзбекстанда экономика тармақларын ҳәм инфраструктураны модернизациялаў бойынша бирге ислесиўде көп жумыслар исленди. Биз бул байланыслар тарийхында жаңа бет ашыў нийетинде келдик. Саўда, энергетика, геология, химия, транспорт, туризм, мийўе-овощ жетистириўди қайта ислеў ҳәм хызмет көрсетиў тармақларында имканиятлар, жаңа жойбарлар көп, – деди Шавкат Мирзиёев.

Экономика тармақларына ҳәм аймақларға тиккелей сырт ел инвестициялары жедел тартылмақта. Сырт ел инвесторлары ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Олардың жумысын хошаметлеў ҳәм қорғаў ушын зәрүр нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Бизнести раўажландырыў жолындағы ҳәр қыйлы тосқынлықлар сапластырылды, сыртқы саўда ҳәм бажыхана-тариф қадағалаўы сезилерли дәрежеде қысқартылды.

Исбилерменлик орталығын жақсылаўға қаратылған усы жаңаланыўлардың нәтийжесинде Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў – 2020» рейтингинде Өзбекстан соңғы бир неше жыл ишинде 100 текше жоқары көтерилип, 69-орынды ийеледи ҳәм жигирма ең үлгили реформатор мәмлекет қатарына кирди. Жаңа кәрхана ашыў қолайлығы бойынша мәмлекетимиз биринши рет дүньяда жүзинде сегизинши орынды ийеледи.

Президентимиз Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар артқа қайтпайтуғынын, экономика избе-из модернизацияланатуғынын атап өтти.

Япониялы исбилерменлер елимиздеги өзгерислерди жоқары баҳалады. Валюта системасының либералластырылыўы, виза алыў тәртибиниң әпиўайыластырылыўы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў ушын қолайлы имканиятлар жаратқанын атап өтти. Олар Өзбекстан Президентиниң рәсмий сапары еки мәмлекеттиң исбилерменлер топарлары арасындағы өз-ара пайдалы байланысларды жаңа мазмун менен байытатуғынына исеним билдирди.

Ушырасыўда еки мәмлекет компаниялары ҳәм финанслық шөлкемлер арасындағы шерикликти буннан былай да раўажландырыў, қоспа бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў, өз-ара товар жеткериў және хызмет көрсетиў көлемин арттырыў мәселелери додаланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Японияға рәсмий сапары даўам етпекте.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның арнаўлы хабаршысы

Япония