16-декабрь күни Кегейли районындағы заманагөй санаат орынлары ҳәм әмелге асырылып атырған инвестициялық жойбарлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстандағы ғалаба хабар қураллары хызметкерлери ҳәм журналистлер ушын медиа-тур шөлкемлестирилди.

Кейинги мәнзил «Кегейли қағазы» Өзбекстан-Кытай қоспа кәрханасы болды.

Кәрхананың жойбарлық баҳасы 5 миллион АҚШ доллары болып, өз жумысын 2018-жылы баслаған.

Кәрханада тийкарынан салфетка ҳәм ҳәжетхана қағазын ислеп шығарыў жумыслары даўам етпекте.

Жергиликли 70 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Кәрханада алдағы ўақытларда А4 форматтағы қағаз өнимлерин ислеп шығарыў жобаластырылған.

Бул кәрхана жанында жергиликли қамыс өсимлигинен целлюлоза ислеп шығаратуғын «Central Asia International» кәрханасының қурылыс жумыслары жуўмақланыў алдында турғанлығының гүўасы болдық. Бул жерде жылына 18 мың тонна целлюлоза ислеп шығарыў ҳәм оны Өзбекстанның ишки аймақларына экспорт етиў жобаластырылған екен.

Кәрхананың жойбарлық баҳасы 1 миллион АҚШ долларына тең.

Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул жерде ислеп шығарылған целлюлоза Россиядан импорт етилетуғын целлюлозадан сапасы жағынан ҳеш те қалыспайды.

«Central Asia International» кәрханасының басқарыўшы директоры, инвестор мырза Лю менен сәўбетлескенимизде ол кәрхананың ашылыўы усы айдың ақырларына жобаластырылып атырғанын мәлим етти. Сондай-ақ, мырза Лю кәрхананың жумысларын баслаў ушын 30 жергиликли пуқараны жумысқа алатуғынлығын атап өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

Автордың түсирген фотосүўретлери.