Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен тастыйықланған «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы Нызамның 6-қосымшасында 2020-жыл ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының жергиликли бюджетлериниң дәраматлары және қәрежетлериниң прогнозы келтирилген.

Кестеден мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасының бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлери бирдей – 2 833,3 миллиард сумды қурайды. Сондай-ақ, Бухара, Наўайы, Ташкент ўәлаятлары және Ташкент қаласында да қәрежетлер дәраматлардан артық болмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.