Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўлинен пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли түрде кирген бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.

Пәрманға муўапық Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып билип-билмей жынаятқа қол урған, ҳәзирги ўақытта қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына исенимли кирген жаза мүддетин өтеп атырған 92 пуқара әпиў етилди.

Әпиў етилген шахслардың 20 сы жазадан толық азат етиледи, 37 си жазаны өтеў мүддетинен алдын шәртли азат етиледи, 16 сына тайынланған жаза жеңилирек жаза менен алмастырылады, бир сөз бенен айтқанда, 73 шахс жазаны орынлаў мәкемелеринен азат етилмекте ҳәм пробация хызмети уйымларының қадағалаўынан алынбақта. Сондай-ақ, 19 шахсқа тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылады.

Әпиў етилгенлердиң 3 ин  60 жастан асқан шахслар, 3 ин ҳаяллар ҳәм 79 ын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысында қатнасқан шахслар қурайды.

Бул ўақыя елимизде алып барылып атырған инсаныйлық сиясатының, халқымызға тән кеңпейиллик, кеширимли болыў, адамгершилик ҳәм мийрим-шәпәәт көрсетиў сыяқлы жақсы пазыйлетлер сәўлеленип атырғанының әмелий көриниси болып есапланады.

Пәрманды орынлаў бойынша әпиў етилген шахсларды шаңарағы ҳәм туўысқанларына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.

 

ӨзА