Илимий тил менен айтқанда, бруцеллёзбул бактериал группасына киретуғын инфекция болып, ҳәр түрли жоллар менен жуғатуғын, таяныш-ҳәрекет ҳәм нерв системаларының, сондайақ, орган ҳәм системалардың зыянланыўына алып келетуғын зооантропоноз кеселлик болып есапланады.

Ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық Мәмлекетлик санитария-эпидемиологиялық бақлаў орайы тәрепинен орынларда усы кеселликти анықлаў бойынша медициналық тексериў жумыслары алып барылмақта.

– Бруцеллёз кеселлигиниң ең қәўипли тәрепи ол адамның сүйек-буўынларын, нерв, таяныш-ҳәрекет ағзаларын зыянландырады. Әсиресе, ҳаялларда ҳәмилениң түсиўи, айырым жағдайларда адамның өмирликке майып болып қалыўына себепши болады,-дейди орайдың эпидемиолог шыпакери М.Есенгелдиева. – Сонлықтан бизлер ҳәмилеси 12 ҳәптеге шекемги болған ҳаяллардан қан алып, медициналық текериў өткерип атырмыз. Айырымларында усы кеселликтиң хроникалық түрлери анықланбақта ҳәм оларды дәрҳал емлеў илажлары әмелге асырылмақта.

Республикамызда усы кеселликтиң тийкарғы тарқатыўшылары қойлар болып есапланады. 60-70 процент адамға кеселлик усы ҳайўанлардан жуқпақта.

Кеселликти қоздырыўшы микроблар кесел ҳайўанлардан олар шала яки өли туўылғанында, оның жолдасында, буўаз болған ўақытта, оның суйықлықлары  арқалы бруцеллалар сыртқы орталыққа кең түрде тарқап кетеди.

Саламат адамның организмине бруцеллалар асқазан-ишек ҳәм дем алыў жоллары және жарақатланған тери қабатлары арқалы жуғады.

Бруцеллалар кесел ҳайўанлардан адамға әпиўайы сүт  ҳәм гөш өнимлеринен де жуғады.

Сонлықтан усы кеселликтиң алдын алыў мақсетинде ветеринария ҳәм медицина хызметкерлери менен бирликте ҳайуанларды лабораториялық  усылда тексериў, кесел малларды саллақханада сойыў, малларды өз-ўақтында бруцеллёз кеселлигине шаншып барыў зәрүр.

Кесел маллардың сүтин пастеризация исленгеннен кейин пайдаланыў, туўған пайытында және жүнин қырқыў мапазында, күнделикли күтиўде жасы 18ге шықпаған балаларды қатнастырмаў керек.

Шарўашылықта жумыс ислейтуғынлардан санитариялық-гигиеналық қәделерди толық орынлаў талап етиледи.

Ветеринариялық тексериўден өтпеген малды сойыў ямаса өнимлерин жеўге болмайды.

Мине жоқарыда айтылған илажлар толық орынланса бруцеллёз кеселлигиниң алдын алған боламыз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.