Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын додалаў порталында Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқаралардың пенсия тәмийнаты системасы нәтийжелилигин арттырыў ҳәм пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы 2018-жыл 12-декабрьдеги ПП-5597-санлы Пәрманына өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы пәрманының жойбары жәрияланды.
Жойбарға бола Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Пуқаралардың пенсия тәмийнаты системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм пенсионерлерди социаллық қоллап-қуўатлаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманының 1-бәнтине қосымшалар киргизиледи. Оған бола 1-бәнт төмендегише редакцияланады:
2019-жыл 1-январьдан баслап барлық жумыс ислейтуғын пенсионерлерге, 2020-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Қорғаныў министрлиги, Миллий гвардиясы ҳәм Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң пенсия алыў ҳуқықын беретуғын хызмет мүддетин орынлап, хызметтен босатылған ҳәм жасқа байланыслы пенсия алатуғын пенсионерлер тастыйықланған лаўазымлар есабынан хызметке қайта қабыл етилген жағдайда оларға пенсиялар толық муғдарда төленеди».
ӨзА