«Өзсанаатқурылысматериаллары» бирлеспеси тәрепинен импорт орнын басатуғын, жергиликли шийки заттан пайдалана отырып, сапалы өнимлер ислеп шығарыўды кең түрде жолға қойыў бойынша бир неше инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул ҳаққында бирлеспе баспасөз хызмети хабар берди.
Әсиресе, ағаш қырындылы плиталар (ДСП) және олардың альтернативалық түрлерин ислеп шығарыўға айырықша итибар қаратылған.
Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районында «Мойнақ ЛДСП» ЖШЖ тәрепинен улыўмалық баҳасы 8 миллион АҚШ доллары (соның ишинде, өз қаржысы 2,6 миллион АҚШ доллары, сырт ел банклериниң қаржылары 5,4 миллион АҚШ доллары) есабынан қамыстан ДСП ислеп шығарыў жойбары әмелге асырылады. Нәтийжеде усы кәрханада жылына 50 мың кубометр ДСП ислеп шығарылады ҳәм 200 турақлы, 500 мәўсимлик жумыс орынлары жаратылады.
Мағлыўмат ушын, бирлеспениң 2019-2021-жылларда жергиликли шийки заттан ДСП өнимлерин ислеп шығарыў инвестициялық жойбарларының дизимине муўапық, улыўмалық баҳасы 80 миллион 800 мың АҚШ доллары болған улыўма 595 мың кубометр жыллық қуўатлылыққа ийе 11 жойбар әмелге асырылады ҳәм нәтийжеде усы өнимге болған талапты толық қаплаў имканияты жаратылады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.