Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, педагогика илимлериниң докторы, профессор Рисбой Жураев пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўды институттың илимий жумыслар ҳәм инновациялар бойынша проректоры П.Калханов басқарып барды.

Ҳәзирги ўақытта илимий изертлеўлердиң нәтийжелери адамзат турмысындағы ҳәр қандай машқалаларға шешим болып атырғаны сыр емес. Илим арқалы жәмийет те, мәмлекет те раўажланыўдың жаңа басқышына көтериледи. Мәмлекетимиздиң еле де гүллеп-жаснаўы, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеўде илимий изертлеўлердиң ҳәм олардың нәтийжелериниң әҳмийети үлкен.

Президентимиз Ш.Мирзиёев басшылығында илимий изертлеўлерди жаңаша басқышқа көтериў, илим менен шуғылланыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў бағдарында кең көлемли, тарийхый реформалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыўда усы мәселелерге айырықша тоқталып, алдағы ўазыйпалар нелерден ибарат екенлиги атап өтилди.

Академик педагогика бағдарында илимий изертлеўлердиң бүгинги жағдайы бойынша айта келе, нәтийжелер жылдан-жылға көбейиў орнына азайып баратырғанлығы, буның объектив себеплери, машқалалар және оларды сапластырыў бойынша магистрант, докторант ҳәм жас излениўшилерге түсиниклер берди.

Сондай-ақ, Президентимиздиң тиккелей басламасы менен республиканың ҳәр бир ўәлаятында педагогикалық институтларды шөлкемлестириў мәселесиниң көрип шығылып атырғаны, буның әҳмийетли тәреплери ҳаққында кең түрде тоқталды.

Ушырасыў даўамында илимий изертлеўлерди турақлы ҳәм нәтийжели алып барыў, илимий мақалаларды журналларда жәриялаў, бүгинги илимпазлар алдындағы тийкарғы машқалалар бойынша сораў-жуўаплар, өз-ара пикир алмасыўлар болып өтти.

Илаж соңында академик институт ректоры қабыллаўында болып, өзиниң авторлығындағы илимий мийнетлерди институт китапханасына саўға етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.