SamAuto заводында Isuzu D-Max пикапларын ислеп шығарыў басланды. Жаңа модель үш модификация ҳәм жети реңде саўдаға шығарылады.

Самарқанд автомобиль заводы (SamAuto) 27-ноябрь күни Ташкентте Өзбекстанда ислеп шығарылған биринши пикаптың көргизбесин өткерди, деп хабар берди gazeta.uz сайты.

Бул автомобиль ҳәр қандай жол шараятында тең салмақлылықты сақлаў имкниятларына ийе.

Өзбекстанлылар ушын Isuzu D-Max  үш модификацияда усыныс етиледи:

-еки қатарлы кабина, 2 жолаўшыға арналған орынлық, 2,5 литрлик двигатель көлеми ҳәм механикалық коровкасы болған D-MAX SAHAR;

-бир қатарлы кабина, 4 жолаўшыға арналған орынлық, 2,5 литрлик двигатель көлеми ҳәм механикалық коровкасы болған D-MAX SAHAR;

-еки қатарлы кабина, 2 жолаўшыға арналған орынлық, 3 литрлик двигатель көлеми ҳәм механикалық коровкасы болған D-MAX SAHAR.

Пикаптың жүк көтериў имканияты 865-1100 килограммды қурайды.

Isuzu D-Max пикапы 2020-жылдың январь айынан баслап сатыўға шығарылады. Ҳәзирги ўақытта автомобильге буйыртпа бериў басланған. Автомобильдиң баҳасы 270 –380 миллион сум аралықта белгиленген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги