Усы жыл 27-ноябрьде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң басламасы менен пайтахтымыздағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде Өзбекстанда биринши рет командалық тәртипте «Дөретиўши муғаллимлер олимпиадасы» өткерилди.

Олимпиадада ҳәр бир район (қала)лық Халық билимлендириў бөлимлеринен тәжирийбели 6 муғаллим ҳәм бир методисттен ибарат командалар қатнасып, билимлери сынақтан өткерилди.

Олимпиада жеңимпазлары анықланып, Шымбай районлық ХББ командасы биринши, Кегейли районлық ХББ командасы екинши, Нөкис қалалық ХББ командасы үшинши орынды ийеледи.

Жеңимпазлар шөлкемлестииўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.