Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги тәрепинен исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жетерли дәрежеде шараятлар жаратыў, инвестицияларды тартыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў бағдарында Аралбойында әмелге асырылып атырған жумысларды халыққа жеткериў мақсетинде ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди.

Дәслеп қатнасыўшыларға Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның жанындағы Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў Орайы тәрепинен усы жылдың өткен айлары даўамында әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги ўазыйпалар ҳаққындағы толық мағлыўмат берилди.

76902c6f-2559-4d19-9d03-f3d1e11cb837.jpg

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң быйыл 14-январьдағы «Мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасын ҳәм капитал базарын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў бағдарында белгили жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, меншиклестириў бағдарламасы тийкарында бүгинги күнге шекем 78 мәмлекетлик активти исбилерменлерге сатыў режелестирилген болып, соннан 63 объект 1 сум басланғыш баҳада инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелер менен «E-IJRO AUKSION» саўда майданшасында электрон онлайн-аукцион арқалы саўдаға шығарылған. Сондай-ақ, тиккелей сөйлесиўлер өткериў жолы менен 27,7 миллиард сум ҳәм 4,2 миллион АҚШ доллар муғдарында инвестиция киргизиў ҳәм 173 жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў шәрти менен «ноль»лик баҳада объект ажыратылды.

Ушырасыўда ғалаба хабар қураллары ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

b87f62f7-c259-407f-978d-3ce31223bac7.jpg

Буннан кейин пресс-тур қатнасыўшылары Нөкис қаласындағы «Титан ДЗС» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Ташкент» мийманханасы, Беруний районындағы «Ёғгор» акционерлик жәмийети ҳәм усы райондағы «Гўзал-Атлас» жеке меншик кәрханасының жумысы менен жақыннан танысты.

«Титан ДЗС» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараўсыз жағдайға келип қалған алдынғы «РК-2 қазанхана» имараты «ноль»лик баҳасында берилип, 11,2 миллиард сум инвестиция киргизилди. Өткен жылдың июль айында пайдаланыўға тапсырылған кәрханада бүгинги күнде ярым автомат кир жуўыў машинасы, үш түрдеги шаңжутқышлар ислеп шығарылмақта. Кәрхананың иске қосылыўы менен 30 адам жумыс пенен тәмийинленди. Кәрхана басшысының атап өтиўинше, ишки базарды сапалы өнимлер менен тәмийинлеў ҳәм келешекте экспортқа шығарыў режелестирилген.

e01b6266-25e8-48a3-abd0-b6a579fd42bf.jpg

Нөкис қаласының орайындағы «Ташкент» мийманханасы да 3,2 миллиард сум инвенстиция киргизиў ҳәм 27 жумыс орнын жаратыў инвестициялық ҳәм социаллық миннетлеме менен исбилерменге «ноль»лик баҳасында берилген еди. Бүгинги күнге келип бул миннетлеме 7,9 миллиард сум муғдарында артығы менен орынланды ҳәм жумыс орны толық жаратылды. Өткен ўақыт даўамында 1 миллиард сумға шамалас сап пайда алынды. Бүгинги күнде мийманханада тек ғана республикамыздың халқы емес, ал сырт мәмлекетлерден келип атырған көплеген туристлерге де жәҳән талаплары тийкарында хызмет көрсетилмекте.

Беруний районындағы «Ёғгор» акционерлик жәмийетинде тийкарынан Төрткул, Беруний, Елликқала ҳәм басқа да районлардан келтирилген пахта шигити қайта исленеди. Халықаралық стандартлар ҳәм нормаларға жуўап беретуғын әсбап-үскенелер орнатылған кәрханада өсимлик майы, пахта шроты ҳәм пахта шигитиниң шелухасы ислеп шығарылмақта. Өткен жылдан баслап хожалық сабынын ислеп шығарыў цехы иске қосылып, өнимлердиң бир бөлеги Тәжикстан мәмлекетине экспорт етилмекте. Жәми 283 жумысшы-хызметкер мийнет етип атырған кәрханада усы жылдың өткен 9 айы даўамында 2,5 миллиард сум сап пайда алынған болса, бул көрсеткиш жыл ақырында 3 миллиард 300 миллион сумға жетиўи күтилмекте.

Илаж қатнасыўшылары исбилерменлердиң жумысында айырым машқалалардың бар екенлигине гүўа болды. «Гўзал-Атлас» жеке меншик кәрханасының жумысындағы машқала Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик активлер басқармасының қәнигелери тәрепинен жақын күнлерде шешилетуғын болды.

– Пресс-турды шөлкемлестириўден мақсет, елимизде мәмлекетлик активлерди басқарыў, монополияға қарсы гүресиўди тәртипке салыў системасы ҳәм капитал базарын жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды ғалаба хабар қураллары арқалы халыққа жеткериўден ибарат, – дейди Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги Мәлимлеме системасының баслығы Мўмин Ибодов. – Кейинги жылларда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен Аралбойында, соның ишинде, Мойнақ районында кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта. Келешекте пресс-турды мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятларында өткериў режелестирилген.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы