Усы жыл 23-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде  «Family day» (Шаңарақ күни) жойбары шеңберинде илаж болып өтти.

Илажда министрлик хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары, перзентлери ата-аналарының жумыс ислеў шараятлары менен жақыннан танысты. Сондай-ақ, «Әдиллик министри менен ушырасыў», «Сиз сүйген көркем өнер ғайраткери», «Спортшылар менен танысамыз», «Ойнаймыз, үйренемиз» сыяқлы ушырасыў және викториналар өткерилди. Мәселен, «Әдиллик министри менен ушырасыў» илажында балалар өзлерин қызықтырған көплеген сораўларға жуўап алды.

Ертеклер-жақсылыққа жетеклейди. Бул тосыннан айтылған гәп емес. Себеби, балалар китап оқыў, ертек тыңлаў арқалы жақсылық ҳәм жаманлық, туўрылық ҳәм жалған, тәртип-интизам сыяқлы түсиниклерди өзлеринде қәлиплестиреди. Тәртип-интизам болса, ҳуқықый мәденияттың тийкары есапланады. Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры жәмәәти тәрепинен таярланып, балалардың нәзерине усынылған спектакльдиң тийкарғы идеясы мине усындай.

-Илажды өткериўдеги тийкарғы мақсет, хызметкерлеримиздиң шаңарақ ағзаларын жумыс жағдайларымыз бенен жақыннан таныстырыў, олар менен қатнасықларды буннан былай да беккемлеўден ибарат,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши мәсләҳәтшиси Насиба Қутлымуратова.-Усы арқалы жас әўладтың санасында әдиллик, тәртип-интизам, нызам түсиниклерин пайда етиў, сондай-ақ, олардың ҳуқық тараўына болған қызығыўшылығын арттырыў болып табылады.

Илаж соңында барлық қатнасыўшыларға министрлик тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.