Бүгин социаллық тармақларда Қарақалпақстанның Елликқала районында үлкен қара жүк машинасы еки патруль машинасын атып атырғаны сәўлеленген видео тарқалды.

Видео астындағы түсиндирмелерде бул ўақыя «Өзбеккино» миллий агентлиги менен биргеликте ҳиндлердиң Өзбекстанда сүўретке алып атырған жаңа романтикалық фильминиң сүўретке алынған бөлеги деп шамаланған.

«Өзбеккино» МА бас директоры Ф.Абдухолиқовтың сөзлерине бола, интернетте пайда болған сүўретлер «Худо Ҳофиз» атлы ҳинд фильмине тийисли каскадёрлық көринис болып есапланады.

– Мәмлекетимиздиң дүньяға есик ашып атырғаны ҳәм киноны қоллап-қуўатлаў бағдарындағы механизмлер бүгинги күнде тек ғана жаңа шериклер менен ислесиў емес, ал мәмлекетке сырт ел инвестицияларын тартыў имканиятын бермекте. Реже бойынша, ҳинд кинодөретиўшилериниң Өзбекстандағы қәрежетлери шама менен 1 миллион долларды қурайды, – дейди Ф.Абдухолиқов

Фильмниң сценарийи бойынша, глобал финанслық кризис басланған ўақытта жас жубайлар Усман ҳәм Наргис материаллық қыйыншылықларға дус келеди ҳәм Номан Республикасына (қыялындағы мәмлекет) барып ислеўге қарар етеди. Усман алдын Наргисти Номанға жибереди ҳәм изинен өзи бармақшы болады. Бирақ көп өтпей, оған аэропорттан албыраўшылық пенен қоңыраў етеди. Усман дәрҳал Номанға ушып кетеди ҳәм Наргисти табыўға ҳәрекет етеди. Ҳаялы адам саўдасының қурбанына айланғанын аңлап, мәмлекетлик рәсмий уйымларға мүрәжат етеди. Ишки разведка хызметкери Таменаның жәрдеминде жынайый топардың изине түседи. Ақырында Усман Наргис ҳәм басқа да ҳиндстанлы «тири товарлар» жайласқан жүк машинасын алып қашады. Жынайый топар Усманды қуўдалайды Социаллық тармақларда тарқалған видеода мине усы процесс сәўлеленген.

Еслетип өтемиз, фильмди сүўретке алыўда Ҳиндстан, АҚШ, Россия ҳәм Европа мәмлекетлеринен 150 ден аслам актёр, сондай-ақ, Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театрының актёри Отабек Ҳақбердиев қатнаспақта.

1.jpg

Картина премьерасы 2020-жылы болыўы күтилмекте.

Бүгин Ҳиндстанның Panorama Studios студиясы Өзбекстандағы сүўретке алыў жумысларын жуўмақлады. Фильмди сүўретке алыў процесслери Ҳиндстанда даўам еттириледи.

2.jpg

 

Р.ЖАББОРОВ, ӨзА