Өзбекстан Орайлық банки 2019-жылдың 18-ноябринен сырт ел валюталарының сумға салыстырғандағы баҳасын белгиледи. Бул ҳаққында xabar.uz сайты мәлим етти.

Жаңа баҳасына бола, АҚШ долларының курсы өткен ҳәптедеги курсқа салыстырғанда  + 10,19 сумға артып, 9 500,96 сумды қурады.

Евроның курсы да көтерилди (+43,53) ҳәм бир евро 10 498,56 сум баҳасында белгиленди.

Орайлық банк бул валюталарды усы баҳада сатыў ямаса сатып алыў миннетлемесин алмаған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги