Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен Нөкис қаласында гезектеги сайлаўалды илажы өткерилди. Оған партияның аймақлық Кеңесиниң хызметкерлери, жергиликли Кеңес депутатлары, белсендилери ҳәм қала турғынлары қатнасты.

Онда шығып сөйлегенлер, партияның сайлаўалды бағдарламасы туўралы түсиниклер берип, коррупцияны сапластырыў, суд-ҳуқық системасындағы реформаларды еле де күшейтиў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң бийпул болыўына ерисиўде партия алдында турған ўазыйпаларға айрықша тоқтап өтти.

Илажда ҳәр қыйлы акциялар, интерактивли ойынлар шөлкемлестирилип, өз билими ҳәм шаққанлығын көрсете алғанлар партияның естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

– Бул жерге жыйналған халық партия белсендилери менен тиккелей сәўбетлесип, пикир-усынысларын билдирди,-дейди Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова. – Өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда Арқа-Батыс әскерий округиниң оркестри ҳәм эстрадалық қосықшылар тәрепинен концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.