Ташкент қаласында 2-ноябрь күни Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң он сегизинши мәжилиси болып өтти.

Мәжилис Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов, Қазақстан Республикасының Бас министри Асқар Мамин, Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Кэцян, Қырғыз Республикасының Бас министри Мухаммадқалий Абилғазиев, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Дмитрий Медведев, Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода, Ҳиндстан Республикасының қорғаныў министри Ражнат Сингх ҳәм Пакистан Ислам Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң ШБШ бойынша миллий координаторы Заҳур Аҳмадтың тар шеңбердеги ушырасыўы менен басланды. Сөйлесиўде ШБШның Бас хаткери Владимир Норов ҳәм ШБШ Регионаллық антитеррорлық структурасы Атқарыў комитетиниң директоры Жумахон Ғиёсов та қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында ШБШның жумысы избе-из раўажланып атырғаны, шөлкемниң Хартиясы ҳәм ағза мәмлекетлер арасында Узақ мүддетли жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы шәртнама онда әҳмийетли ҳуқықый тийкар болып хызмет етип атырғаны айрықша атап өтилди.

ШБШ қысқа мүддетте жедел раўажланып, абырайлы шөлкемге айланды. Оның халықаралық майдандағы абырайы жыл сайын артып, шөлкемге ағза болыў тилегин билдирген мәмлекетлердиң қатары барған сайын кеңейип бармақта. Ҳиндстан ҳәм Пакистанның 2017-жылы шөлкемниң ағзалығына қабыл етилиўи ШБШ шеңберинде ашық-айдынлық приципи баслы әҳмийетке ийе екенлигинен дәрек береди.

ШБШның тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ағза мәмлекетлер арасында өз-ара ҳүрмет, исеним ҳәм дослықты беккемлеў, регионаллық тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылық, экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўдан ибарат. Бундай мақсетлерди әмелге асырыўда илим-техника, билимлендириў, мәденият, энергетика, транспорт, экология сыяқлы тараўларда нәтийжели сөйлесиўди жолға қойыў, қоспа жойбарларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жыллар даўамында ШБШ аймағында терроризм, нәшебентлик қураллардың нызамсыз саўдасы ҳәм трансшегаралық шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў тараўындағы қоспа жойбарларды әмелге асырыў, ШБШға ағза мәмлекетлер ҳәм регионда турақлы экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, социаллық-мәдений тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў ушын әҳмийетли шәртнамалық-ҳуқықый тийкар жаратылды. Бүгинги күнде жетпистен аслам келисим ҳәм басқа да нормативлик ҳүжжетлер шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында көп қырлы бирге ислесиўди тәртипке салып келмекте.

Өзбекстан ШБШны шөлкемлестириўши мәмлекетлерден бири сыпатында шөлкем шеңбериндеги көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў, оның халықаралық абырай-мәртебесин арттырыў бойынша ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып келмекте.

Кейинги жылларда Өзбекстан шөлкемдеги қатнасыўын сезилерли дәрежеде жеделлестирди. Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекет басшыларының Астана, Циндао ҳәм Бишкек саммитлеринде қәўипсизлик, саўда-экономикалық, илим, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда әмелий усынысларды алға қойды.

Ташкенттиң басламасы менен темир жол администрациялары басшылары ушырасыўының механизми, мәмлекетимизде шөлкемге ағза мәмлекетлер арасында биринши болып ШБШ халық дипломатиясының орайы, Самарқандта «Жипек жолы» туризм халықаралық университети шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының жасларға биргеликтеги мүрәжаты ҳәм оны турмысқа енгизиў бойынша ҳәрекетлер бағдарламасы, ШБШға ағза мәмлекетлер илимий-изертлеў мәкемелериниң 2019-2020-жыллардағы бирге ислесиўи «Жол картасы», Регионлараралық бирге ислесиў бағдарламасы, Цифрластырыў ҳәм мәлимлеме-коммуникация технологиялары тараўындағы бирге ислесиў концепциясы ҳәм басқа да әҳмийетли ҳүжжетлер қабыл етилди.

Ҳүкимет басшылары кеңесиниң қатнасыўшылары күн тәртиби ҳәм оның шеңберинде қол қойылатуғын ҳүжжетлердиң дизимин тастыйықлады, ШБШның жумысына байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысты.

Кеңестиң кеңейтилген қурамдағы мәжилисинде ШБШ Исбилерменлер кеңеси басқармасының баслығы М.Шаршекеев ҳәм ШБШ Банклераралық бирлеспеси кеңесиниң баслығы А.Оморкулов, бақлаўшы мәмлекетлердиң ўәкиллери – Аўғанстан Ислам Республикасының Бас министри А.Абдулла, Беларусь Республикасының Бас министри С.Румас, Иран Ислам Республикасының биринши вице-президенти И.Жаҳонгирий, Монголия Бас министриниң орынбасары У.Энхтувшин, ҳүрметли мийман сыпатында Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри Рашид Мередов, сондай-ақ, бирге ислесиўши халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери – БМШ ЭСКАТО атқарыўшы хаткериниң орынбасары Х.Хам, ҒМДА Атқарыў комитети баслығының орынбасары С.Иванов, АСЕАН Бас хаткериниң орынбасары Р.Тене, Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша кеңеси секретариатының атқарыўшы директоры Х.Мирзозода, Евразия экономикалық комиссиясының баслығы Т.Саркисян, БМШ ФАОның Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша регионаллық ўәкилли В.Рахманин қатнасты.

Мәжилис қатнасыўшылары ШБШға ағза мәмлекетлер басшыларының Бишкек саммитинде ҳүкиметлердиң алдына қойылған ўазыйпалар – ағза мәмлекетлер арасында қәўипсизлик, сиясат, экономика тараўларында көп тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм беккемлеўге байланыслы шөлкемниң Бас хаткери В.Норовтың ҳәм ШБШ Исбилерменлер кеңеси ҳәм Банклераралық бирлеспеси кеңеси баслықларының структура жумысына байланыслы мәлимлемелерин тыңлады.

Ҳүкимет басшылары ШБШға ағза мәмлекетлер исбилермен топарларының жоқары технологиялы ҳәм инновациялық қоспа өндирислерди шөлкемлестириў, экономиканың инфраструктура, машина қурылысы, жеңил ҳәм азық-аўқат санааты, цифрластырыў, энергетика, аўыл хожалығы, туризм сыяқлы әҳмийетли тармақларда жойбарларды әмелге асырыў, көргизбе-ярмарка жумысы ҳәм мультимодаль транспорт-логистика комплекслерин раўажландырыўға қаратылған әмелий басламалардың үлкен әҳмийетке ийе екенине айрықша итибар қаратты.

Биргеликте ашық-айдын түрдеги халықаралық экономиканы қәлиплестириў бойынша ис-ҳәрекетлерди және де тереңлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте транспорт коридорларын раўажландырыў тараўында көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў тийкарғы әҳмийет ийелейтуғыны және бир рет тастыйықланды. ШБШға ағза мәмлекетлердиң темир жол администрациялары арасында темир жол транспорты тараўындағы өз-ара байланыслылық концепциясы тастыйықланды. Бул региондағы бар транзит имканиятларынан пайдаланыў, транспорт инфраструктурасын жедел раўажландырыў, жүк тасыў көлемин көбейтиў ушын қолайлы шараятлар жаратыў имканиятын береди. Сол арқалы ШБШның аймағында товарлар айланысы ҳәм инвестициялық белсендилигин арттырыў ушын қолайлы орталық жаратылады.

ШБШға ағза мәмлекетлер планетамызда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, глобаллық раўажланыўға ерисиў, инсан ҳуқықларын қорғаў ҳәм алға қойыўдағы халықаралық ҳәрекетлерди қоллап-қуўатлайды. ШБШға ағза мәмлекетлердиң бул бағдардағы ҳәрекети шөлкемге ағза мәмлекетлер басшыларының Циндао ҳәм Бишкек саммитлериниң жуўмақлары бойынша қабыл етилген қоспа декларацияларда және бир мәрте өз сәўлелениўин тапты.

Мәжилисте ШБШ менен БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) арасында түсинисиў меморандумына қол қойылғаны шөлкемниң жумысында сиясат, қәўипсизлик, экономика ҳәм гуманитарлық байланыс тараўларындағы бирге ислесиў көп қырлы өзгешеликке ийе екенин және бир рет тастыйықлады.

ШБШға ағза мәмлекетлердиң ҳүкиметлери арасында алыс ҳәм аўыллық аймақлардағы халыққа сапалы хызметлер көрсетиўде көп тәреплеме байланысларды тереңлестириў әҳмийетли екенлигине айрықша итибар қаратылды.

Усы жағынан Ҳүкимет басшылары кеңесиниң бул мәжилиси шеңберинде алыс ҳәм аўыллық аймақларды цифрластырыўды раўажландырыў бойынша концепция жойбарын ислеп шығыў ҳәм оны әмелге асырыўда бир қарарға келингени үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, мәденият, билимлендириў, спорт, илим ҳәм техника тараўларындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша жумысларды даўам еттириўге келисип алынды. Мәмлекетлердиң бай тарийхый-мәдений мийрасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде регионның туристлик потенциалынан және де толығырақ пайдаланыўға байланыслы байланысларды раўажландырыў, онда Самарқандтағы «Жипек жолы» туризм халықаралық университетиниң имканиятларынан кеңнен пайдаланыў усыныс етилди.

Ол ШБШ аймағында жасап атырған халықлар арасында жақсы қоңсышылық, дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын беккемлеўге, олардың мәплери жолында мәдениятлараралық сөйлесиўди жеделлестириўге хызмет етеди.

Сөйлесиўлер ўақтында Арал регионындағы экологиялық жағдайды есапқа алған ҳалда, «Аралбойы – экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы»н шөлкемлестириў бойынша Өзбекстанның басламасын қоллап-қуўатлаў идеясы алға қойылды.

Ҳүкимет басшылары ШБШға ағза мәмлекетлердиң көп тәреплеме саўда-экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының орынланыўын көрип шықты ҳәм жаңа бағдарламаны мақуллады.

Шөлкемниң 2020-жыл ушын мөлшерленген бюджетин тастыйықлады.

Илажда жәми 14 ҳүжжетке қол қойылды. ШБШға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң он сегизинши мәжилисиниң жуўмақлары бойынша Қоспа коммюникеге қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда мәжилис нәтийжели болғаны, қол қойылған ҳүжжетлер ШБШ мәмлекетлери арасында әмелий бирге ислесиўди және де раўажландырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

Делегация басшылары ШБШға ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгенин атап өтип, Өзбекстан тәрепине жыллы-жүзли миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси 2020-жылы биринши рет Ҳиндстан Республикасында өткериледи.

 

Улуғбек ШОНАЗАРОВ, Аъло АБДУЛЛАЕВ, Оқил ҒУЛОМОВтың түсирген сүўретлери  

ӨзА