Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана постында теңге пулларды Өзбекстан аймағынан алып шығып кетиўге ҳәрекет еткен пуқара усланды. Бул ҳаққында Мәмлекетлик бажыхана комитети баспасөз хызметине тийкарланып «Дарё» хабар берди.

Бажыханашылар усы пост арқалы республика аймағынан шығып кетип баратырған пуқара О.П.ға тийисли болған қол жүклерин гүўа адамлар қатнасыўында көзден өткерген.

Нәтийжеде оның жүклери арасында бажыхана хызметкериниң аўызеки сораўында айтылмаған, жолаўшы тәрепинен бажыхана декларациясында жазып көрсетилмеген және ҳеш қандай тийисли ҳүжжетлери болмаған 3 дана Россия ҳәм 1 дана араб теңге пуллары бар екенлиги анықланды.

Ҳәзирги ўақытта жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў жумыслары даўам еттирилмекте, деп жазылған хабарда.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.