Кегейли районында Өзбекстан «Адолат» СДП районлық кеңеси тәрепинен медицина тараўы хызметкерлериниң қатнасыўында «Жаңа сайлаўлар. Жаңа Өзбекстан!» атамасында сайлаў алды үгит-нәсият илажлары өткерилди.

Кегейли районлық Әдиллик бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген бул ушырасыўда, медицина хызметкерлерине Сайлаў кодексиниң мазмун-мәниси түсиндирилип, сайлаў нызамшылығы, сайлаўшылардың ҳуқықлары, миннетлери ҳәм партия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы толық мағлыўмат берилди.

– Сондай-ақ, қатнасыўшыларға партияның бүгинги күндеги жумысларынан хабардар болып барыў ушын «Адолат» газетасын оқып турыў усыныс етилди,-дейди Өзбекстан «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң баспасөз хаткери А.Оразымбетова. – Өз гезегинде қатнасыўшылар да сайлаўларда белсене қатнасатуғынлығын билдирип, өз талабанлары ушын даўыс беретуғынлығын айтып өтти.

Үгит-нәсият жумыслары орынларда даўам етпекте.

 

А.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.