Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 2019-жыл 29-октябрьдеги мәжилисинде додаланған, жәмийетшилик ушын қызықлы мәселелерден және бири – «Мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарын анықлаў тәртибиниң жетилистирилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары болды. Бул ҳаққында төменги палатаның мәлимлеме хызмети хабар берди, деп жазады xs.uz сайты.

Бул жойбар мәмлекетимиз Президентиниң 2019-жыл 21-майдағы «Мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар ҳәм басқа да төлемлердиң муғдарларын анықлаў тәртибин жетилистириў ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық ислеп шығылған. Пәрман менен мийнетке ҳақы төлеў, пенсия тайынлаў ҳәм салық, мәмлекетлик бажылар, жәриймалар, жыйымлар ҳәм басқа төлемлерди өндириў арасындағы шәртлердиң байланыслылығын сапластырыў мақсетинде 2019-жыл 1-сентябрьден баслап, мийнет ҳақының ең кем муғдары орнына:

– 634 880 сум муғдарында мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары;

– 223 000 сум муғдарында базалық есаплаў муғдары;

– 223 000 сум муғдарында пенсияны есаплаўдың базалық муғдары енгизилген еди.

Усы өзгерислер көпшиликте енди айлық мийнет ҳақылар, пенсиялар ҳәм төлемлер қандай есап-санақ етиледи, деген қызық ҳәм әҳмийетли сораўды оятқан еди.

Бул нызам жойбарының мақсети қайсыдур мәнисте, мине усы сораўларға ҳуқықый жуўап болып, ол мийнетке ҳақы төлеў, пенсиялар тайынлаў ҳәм салықлар, мәмлекетлик бажылар, жәриймалар, жыйымлар ҳәм басқа да төлемлерди өндириў арасындағы шәртлердиң байланыслылығын сапластырыўды нәзерде тутады.

Яғный Өзбекстан Республикасы Президентиниң экономикалық тараўға, атап айтқанда, бюджет-салық қатнасықларына байланыслы айырым пәрманларының қабыл етилиўи мүнәсибети менен усы жойбар тийкарында мийнет ҳақы, пенсия, напақа ҳәм жәриймалар муғдарының базалық муғдарын белгилейтуғын әмелдеги 55 нызам ҳүжжетине, сондай-ақ, Бажыхана, Салық, Бюджет кодекслерине тийисли өзгерислер киргизилмекте.

Оларға бола, «ең кем мийнет ҳақы» сөзлери тийислисинше «Мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары», «базалық есаплаў муғдары», «пенсияны есаплаўдың базалық муғдары» сөзлерине алмастырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги