Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майдағы «Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы исбилерменлер, соның ишинде сырт елли инвесторлар менен ислесиўдиң шөлкемлестириўдиң сапасын арттырыў, олар менен ашықтан-ашық ҳәм тиккелей пикирлесиўди тәмийинлеў, олардың нызамлы талапларын, машқалалаы мәселелелерин шешиўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Соның менен бирге, бул аймақларды социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўда исбилерменлеримиз үлесин арттырыў,  халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, сол арқалы олардың абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Ҳақыйқатында да пәрманның қабыл етилиўи менен исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды қорғаўдың жаңаша системасы жаратылды, десек асыра айтқан болмаймыз. Екиншиден, исбилерменлер менен мәмлекетлик уйымлар арасындаға бирге ислесиўде жақсы жолға қойылмақта. Себеби, исбилерменлерден келип түскен ҳәр қандай мүражат мәмлекетлик уйымлардың, соның ишинде, жергиликли ҳәкимликлер, Саўда-санаат палатасы, кадастр. Банк ҳәм басқада шөлкемлердиң ўәкиллериниң қатнасында көрип шығылады ҳәм тийисли шешим қабыл етиледи.

Районымыз мысалында айтатуғын болсақ, быйылғы жылдың өткен дәўиринде исбилерменлеримизден 15 мүрәжат келип түскен болса, соннан 6 мүрәжат унамлы шешимин тапты.-Қалғанлары тийисли уйымлар тәрепинен үйренип шығылмақта. Атап айтатуғын болсақ, «Қаракөл Регион Трейдинг» жуўапкершилик шекленген жәмийети кәрхана имаратына тәбийғый газ ҳәм электр тармағын тартып бериўде, «Шахноза-Динара» жуўапкершилиги шекленген жәмийети салық инспекциясы тәрепинен жабылып қойылған есап бетин ашып бериўди, «Ас профил Қараөзек» жуўапкершилиги шекленген жәмийети, «Кеңесбай-Қалжан» жеке меншик кәрханасы, «Минайхан Шылымбетова», «Лазаров Нурлан» жеке исбилерменлер саўда терминалы менен тәмийинлеўде жәрдем бериўди мурәжат болса, олардың мүрәжатлары унамлы шешимин тапты.

Алдағы ўақытлары да исбилерменлердиң жумысларында ушырасып атырған ҳәр қандай машқалалар, олардың жумысына тосқынлық етип атырған мәселелер жергиликли мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте үйренип шығылып, имканиятына қарай шешимин табады.

Айбек ТӨРЕЕВ,

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы қабыллаўханасының баслығы