Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлығы ушын өткерилип атырған таңлаўдың Нөкис қалалық басқышында 14 жастан 30 жасқа шекемги  100 ден аслам талантлы қызлар қатнасты.

 – Көркем өнер тараўында қатнастым. Бир неше жылдан берли өнерментшиликтиң кестешелик түри менен шуғылланаман. Қарақалпақша ески нағыслар менен көк көйлек, қызыл жегде, киймешек миллий липасларға нағыс салыў жақсы көрген кәсибимниң бири, – дейди таңлаў қатнасыўшысы Дилназ Адилчаева.

Таңлаўдың кейинги басқышына жоллама алған жеңимпазлар диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

photo5312199999519566862.jpg

Мақсет ҲАБИБУЛЛАЕВ, ӨзА