Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасы Хожели районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Қ.Жамалов ҳәм район ҳәкими, 1-сектор басшысы Ж.Ермашев пуқаралар менен ушырасты.

Көшпели қабыллаўда районның сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, райондағы кәрхана, шөлкем, мәкемелердиң баслықлары қатнасып, халықтың мүрәжатлары кеңнен үйренип шығылды.

Бундай қабыллаўларда халық пенен пикирлесиў, олардың машқалаларын үйрениў, шешим табыў тийкарғы мәселе етип алға қойылғаны халқымыздың мәмлекеттен, жәмийеттен разы болып жасаўында әҳмийетли болмақта.

Райондағы «Мустақиллик» аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде өткерилген қабыллаўда пуқаралар тийкарынан  жумысқа қабыл етиў, пуқаралықты рәсмийлестириў, коммуналлық хызметлер, исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм басқада мәселелер бойынша мүрәжат етти.

– Бүгинги күнде халқымыздың тәшўишлерин, арзыў-нийетлерин, турмыс машқалалары ҳәм мүтәжликлерин жақсы билиўди бизлерден заманның өзи талап етпекте, – дейди Хожели районындағы Халық қабыллаўханасының баслығы Қ.Жамалов. – Бүгинги көшпели қабыллаўда да ҳәр бир мүрәжат кең түрде талланып, пуқаралардан 15 мүрәжат түскен болса, олардың екеўи орнында шешимин тапты. Он үш пуқараға ҳуқықый түсиник берилип, қалған мүрәжатлар тараў басшылары тәрепинен көрип шығылып, тийисли илаж көрилетуғын болды.

Атап айтқанда, Ш.Қыдырниязованың майып баласына жәрдем сорап еткен мүрәжаты унамлы шешилетуғын болды.

– Перзентим майып болыўына қарамастан, қосық айтыўға ықласы бәлент, – дейди пуқара Ш.Қыдырниязова. – Бүгин оның сахнаға шығып қосық айтыў әрманы әмелге асатуғын болды. Себеби, қабыллаў даўамында районлық Мәденият бөлиминиң баслығы районымызда болып өтетуғын концерт-бағдарламаларында баламның қосық айтыўын тәмийинлейтуғынын мәлим етти. Келешекте перзентим үлкен исенимди ақлап, елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етеди, деп исеним билдиремен.

– Мен быйыл аўылымызда халыққа хызмет көрсетиў шақапшасын ашқан едим. Бүгинги қабыллаўға шақапшаның имаратына электр таяныш бағанасын қойып бериўди сорап келген едим, мүрәжатым усы жердиң өзинде шешимин тапты, – дейди пуқара М.Утегенова. – Буның ушын Президентимизге, бундай қабыллаўларды шөлкемлестирген Халық қабыллаўханасының басшысына шексиз миннетдаршылық билдиремен.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы