Ўатанды, ата-ананы улығлайтуғын, балалық мәўритлер, ар-намыс, қәдир-қымбат, мақтаныш сыяқлы жоқары пазыйлетлер шеберлик пенен жазылған ең жақсы қосықларды, жас шайыр ҳәм жазыўшыларды таңлап алыўға арналған «Мен авторман» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 5 басламаны кең түрде әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң басшылығында 2019-жыл 19-мартта өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген таңлаўда қатнасыўшылардың бир топары тақмақлар айтысып беллескен болса, басқалары «Ўатан», «Балалық», «Ата-ана» темалары бойынша қосық жазды.

Жоқары көркемлилик принциплери ҳәм қалыслық тийкарында болып өткен таңлаўда республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплери бириншилигинде, районлараралық беллесиўлерде жеңиске ерискен 16 районнан келген 32 оқыўшы өз-ара беллести.

Таңлаў жуўмағында тақмақлар айтысыў шәрти бойынша Қараөзек районының 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 9-класс оқыўшысы Гүлзийба Жумамуратова,  қосық жазыў шәртинде Хожели районының 4-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң 11-класс оқыўшысы Марат Нурниязов биринши орынға ылайық деп табылды.

Төрткүл районы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Дилшодбек Ҳәкимбаев «Ўатан ҳаққында жазылған ең жақсы қосықтың авторы»,  Тахтакөпир районы 1-санлы орта мектептиң оқыўшысы Наргиза Рамбергенова «Балалық жырланған ең жақсы қосық», Елликқала районы 22-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң оқыўшысы Зухра Рустамова «Ана ҳаққында айтылған ең тәсирли қосық» номинациялары бойынша жеңимпаз болды.

Жеңимпазларға ҳәм номинациялар бойынша анықланған сыйлы орын ийелерине Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы