Нөкис қаласындағы И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан Республикасы көркем өнер музейинде «Ақ төбедеги қала»  көргизбеси ашылды.

 Онда Қазақстан Республикасы  Ақтөбе ўәлаяты  көркем өнери музейинде  сақланып атырған  шығармалары  көрсетилмекте.

Көргизбеден 24 художниктиң 70 тен аслам дөретпенси орын алған болып, олар өзине тән  жанрлардағы сүўретлеў өнери, портрет, натюрмортлар, түрли көринислер ҳәм графикалық шығармалардан ибарат. Айырым шығармаларда болса тарийхый дәўир менен ҳәзирги  заман көринислери, қазақ халқы тарийхы ҳәм мәденияты,  Ақтөбе қаласына болған сүйиспеншилик  сәўлеленген.

-Өзбекстанда Қазақстан жылы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген көргизбениң тийкарғы мақсети, ақтөбелик, улыўма  қазақ художниклериниң дөретиўшилиги менен қарақалпақ көркем өнер ықласбетлерин  таныстырыў,  еки мәмлекет дөретиўшилериниң қатнасығын беккемлеўден ибарат- дейди  Ақтөбе ўәлаяты көркем өнер музейиниң деректоры Марат Габдрахманов. –Олар   арасында  Айдар  Еспаевтың «Үй жанында  кемпир аналар», Алексей Верешагинниң «Кешқурын», Липия Беликованың «Натюрморт», Ирина Курманалинниң «Балықшылық», Жиргал Матураимовтың «Қайтыў», Жанибек Есенғуловтың «Бура», Марат Бекеевтиң «Күн соңында» ҳәм басқа художниклердиң шығармалары орын алған.

Көргизбе 30-октябрьге шекем даўам етеди.

photo5312199999519566874.jpg

photo5312199999519566875.jpg

photo5312487624889445601.jpg

 

Р.КУЎАНЫШБЕКОВ

ҚМУ журналистика қанегелиги 4 -курс студенети

Қарақалпақстан хабар агентлиги.