Анықланыўына қарағанда, оқыўшы Рахим А.ның мобиль телефонында уятсыз видеороликлердиң  бар екенлиги анықланғанлығы себепли класс басшысы тәрепинен оқыўшының анасы мектепке шақырылған. Анасы мектепке келип, баласына бақырғаннан кейин Рахим.А. мектептен жуўырып шығып кетип, канал тәрепке кеткени, класслары болса оның изинен барғанлығы ҳәм узақтан Рахим А.ның өзин каналға таслағанын көрген.

19-октябрь күни Қаршы районы «Хониён» МПЖда жасаған жас өспирим Рахим А. (2004 ж.т., 7-санлы мектеп оқыўшысы) «Қаршы Бас каналы»ның «Дашт» аўылынан ағып өтетуғын бөлиминдеги көпирден суўға секирип, өз жанына қастыянлық еткен. Бул ҳаққында gazeta.uz сайты хабар берди.

Ҳәзирги ўақытта жүз берген жағдай бойынша Қаршы районы прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги ҳәрекетлер алып барылмақта.

Текесериў даўамында Қашқадәрья ўәлаяты халық билимлендириў басқармасы, Жаслар аўқамы ўәлаятлық Кеңеси, Қаршы районы ИИБ, жас өспиримлер бойынша уйымлараралық комиссия ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына хызмет тексериўлери тайынланған.

 Қуўанышбеков Рахат

ҚМУ Журналистика студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги