Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң нәўбеттеги конференциясы болып өтти. 

Онда партия Қарақалпақстан  Республикасы Кеңесиниң  есабат  дәўириндеги жумысының жуўмақлары сын көз-қарастан талланып,  партияның кейинги  жумысындағы  алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси  Нызамшылық палатасының депутатлары, Сенат ағзалары,  ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң ўәкиллери,   Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары жергиликли  Кеңеслердиң депутатлары,  конференция делегатлары,  партия жетекшилери ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.

Конференцияда Өзбекстан «Миллий Тикланиш» демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикасы  Кеңесиниң ҳәм қадағалаў-тексериў комиссиясының есабат дәўиринде алып барылған жумыслары, усы  жылы 22-декабрь куни болып өтетуғын сайлаўларға таярлық жумыслдарының барысы ҳәм Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократик партиясының гезектеги сьездине делегатлар сайлаў мәселелери көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жылдарда елимизде  демократиялық  реформаларды тереңлестириў  жолында  үлкен қәдемлер  тасланды. Бул процессте партия белсене қатнасып, социаллық-сиясый мәселелерде өзиниң  беккем көз-қарасын  көрсетти. Бугинги кунге келип, партияның республикамыз бойынша басланғыш шөлкеми 631 ди, партия ўәкиллери саны болса 18858 ағзаны қурайды.  Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиндеги фракция ўәкиллери саны 15,  Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслеринде  80, жәми 95 депутат жумыс алып бармақта. Өткен есабат бериў дәўиринде электорат мәплерин қорғаў мақсетинде   Жоқарғы Кеңес ҳәм  халық  депутатлары  жергиликли Кеңеслерге сайланған депутатлар 274  депутатлық сораўын әмелге асырды. Буннан тысқары, депутатлық топарлар тәрепинен 179 ҳәмелдар шахстың есабаты тыңланды. Жергиликли Кеңеслердиң  сессияларына 129 баслама мәселе киргизилди.

Жәмлеспеген жасларды жумыс пенен қамтыў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирд» бағдарламасын раўажландырыў мақсетинде  өзин-өзи басқарыў уйымларындағы жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақ перзентлери, майыплығы болған, ўақытша жумыссыз ҳаял-қызларға қосымша бийпул кәсип-өнер үйретиў ушын  «Хызмет-бийминнет» жойбары бойынша191 бийпул оқыў курсы шөлкемлестирилди. Оларда 1089  жәмлеспеген жаслар менен ҳаяз-қызларға қосымша бийпул билим берилди ҳәм кәсип-өнер турлери уйретилди.

«Үйме-уй» жойбары бойынша өткен есап бериў дәўиринде жәми 2395 шаңараққа барылды. Ушырасыўлар нәтийжесинде 300 ден артық  жаслар хәм ҳаял-қызлар жумысқа орналастырылды. Сондай-ақ бир қанша жаслар хәм ҳаял-қызларға  жеңиллетилген кредит алыўы  ушын  әмелий жәрдемлер көрсетилди.

Өткен есабат дәўиринде партияның республикалық Кеңесине, қалалық хәм районлық Кеңеслерине тийкарынан денсаўлықты сақлаў,  жумыс  пенен қамтыў,  банк кредитлери,  коммунал төлемлери ҳәм   басқа тараўларды  мәселелерде жәми 800 ге жақын  арза келип түскен. Соннан 531 арза унамлы шешилди, 146 арза бойынша ҳүқықый мәсләҳәт берилди, 120 арза болса үйренип шығыў ушын тийисли шөлкемлерге жиберилди.

Өзбекстан  «Миллий тикланиш» демократиялық партиясының сайлаў алды Платформасында бар болған мәдений естеликлерди,  Өзбекстан  қалаларының  тарийхый көринисин сақлап қалыўда пайдалы илажларды әмелге асырыў, тарийхый орынлар,  архитектуралық естеликлерди пүткил инсаният ушын  қымбат бахалы  буйымлар сыпатында сақлаў ҳәм қайта оңлаў жумыслары сыяқлы мәселелер белгиленген. Соннан келип   шыққан ҳалда  партия тәрепинен елимизде мәдений мийрас объектлерин қорғаў, оларды қайта тиклеў жумысларына, мәдений мийрас объектлерин илажы болғанынша сол турысында сақлаў қалыў, оларды улыўмаинсаныйлық қәдириятлар менен уйғынластырыўға итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, депутатлар тәрепинен республикамыз аймағындағы жәми 291 мәдений мийрас объектиниң жағдайы үйренип шығылып, анықланған кемшиликлерди сапластырыў бойынша жергиликли Кеңеслердиң сессияларына бир қатар мәселелер киргизилди.

Демократиялық сайлаўлар-беккем демократиялық  принциплердиң сәўленениўи болып есапланады. Өз гезегинде сайлаў, мәмлекет ушын, сайлаўшы ҳәм сайлаўшылар ушын шын мәнисиндеги сынақ болып табылады. Себеби, елимиз басшысының атап өткениндей, «Сайлаў процесслеринде бәршемиздиң, ең дәслеп, дунья қарасымыз, сиясий  және ҳуқықый мәдениятымыз, пуқаралық позициямыз және бир мәрте көринеди».

Мәмлекет ҳәкимятының ўәкиллик  уйымларына  болып өтетуғын нәубеттеги  сайлаўларда  белсене қатнасып барлық сиясый партиялар сыяқлы ӨзМТДП ушын да үлкен аҳмийетке  ийе. Соның ушын барлық дәрежедеги партия шөлкемлериниң дыққат итибары усы сайлаўларда ең алдыңғы қатарларда болыў мәселесине қаратылмақта. Әсиресе, орынларда оқыў-семинарлар шөлкемлестирип, үгит-нәсият  жумыслары баслап  жиберилди. Өткерилип атырған бундай семинарлар, илажлар, даўамында ең дәслеп, жәмийетимизде өз орнына ийе болған, мәмлекетимиздиң раўажланыўына пидәкерлик пенен мийнет етип атырған пуқаралар арасынан ең жақсылары сайлап алынып, депутатлықға  талабанлар резерви қәлиплеспекте.

Конферецияда Өзбекстан   «Миллий Тикланиш» демократиялық партиясының гезектеги съездине делегатлар сайланды ҳәм күн тәтибиндеги мәселелер бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Р.ҚУЎАНЫШБЕКОВ,

ҚМУ журналистика қәнигелеигиниң студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.