Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер театрында VII Европа киносы фестивалының ашылыў салтанаты болып өтти.

Атап өтилгениндей. «Өзбеккино» Миллий агентлиги, Европа аўқамының Өзбекстандағы делегациясы менен биргеликте Өзбекстан Электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясының жәрдеминде елимиздиң бир қатар ўәлаятларында соның ишинде, республикамызда кино байрамы өткерилмекте. Илаж шеңберинде Австрия, Бельгия, Болгария, Венгрия, Германия, Дания, Италия, Латвия, Голландия, Финляндия, Франция ҳәм Швецияның белгили режиссёрлары тәрепинен сүўретке алынған фильмлер ҳәм мультфильмлер тамашагөйлердиң нәзерине усынылады.

-Европа киносы фестивалының «Аралбойы–экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы» атамасындағы халықаралық конференция болып атырған бир ўақытта ашылыўы менен де әҳмийетли,-дейди «Қарақалпақкино» агентлигиниң директоры Бектилеў Низаматдинов.-Республикамыз кино ықласбентлери Швейцария ҳәм Франция кинодөретиўшилери тәрепинен сүўретке алынған «Қабақшаның өмири», «Луиза теңиз жағасында» мультфильмлери, Финляндияның «Өмирдеги ең бахытлы күн», Латвияның «Бейиш-89», Францияның «Кишкене фермер», Бельгия ҳәм Болгария дөретиўшилери тәрепинен биргеликте сүўретке алынған «Бельгиялылардың патшасы» көркем фильмлерин тамаша етиў имканиятына ийе болады.

Барлық киносеанслар бийпул көрсетиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.