2019-жыл 23-октябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы аймағында ҳәрекети қадаған етилген «Жиҳадшылар» ДЭАның бир топар ағзаларының жынайый ҳәрекетлерине шек қойылды.

Бар мағлыўматларға қарағанда, бул шахслардың бир нешеси бурын қадаған етилген ағым сыпатында нызамсыз ис-ҳәрекетлер менен шуғылланғаны себепли жаза мүддетин өтеп шыққан болып, мәмлекетимиз ҳүкимети тәрепинен көрсетилип атырған социаллық, ҳуқықый ҳәм мәнаўий жәрдемге қарамай жынайый тил бириктирип, адамлар арасында нызамсыз түрде үгит-нәсият жумысларын алып барып, «Жиҳадшылар» ДЭА идеяларын тарқатқан және усы жол менен қатарын кеңейтиўге қаратылған нызамсыз ис-ҳәрекетлерди ислеген. Сондай-ақ, олар елимиздеги жаслардың санасын зәҳәрлеп, өзлериниң догматистлик-экстремистлик идеяларын сиңдирип, жынаят ислеўге ийтермелеген.

Қамаққа алынған шахслардың жасаў мәнзиллеринде экстремистлик мазмундағы әдебиятлардың бар екенлиги анықланған ҳәм олар процессуал тәртипте алып қойылған.

Ҳәзирги ўақытта бул шахсларға Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынайый ис ашылған болып, тергеў-сорастырыў илажлары әмелге асырылмақта.

«Жиҳадшылар» ДЭАның идеяларында адамлардың санасынан миллий үрп-әдетлерди жоқ етиў, қойымшылық ҳәм зыярат орынларына барыўды қадаған етиў, барлық нызам-қағыйдаларды тек ғана Қуран ҳәм шәрият тийкарында өз қәлеўлеринде болыўын тәмийинлеў және ҳәрекеттеги сиясий дүзимди аўдарып таслаў ҳәм шәриятқа тийкарланған мәмлекетти қурыў сәўлеленген.

Өзбекстан Республикасы Жоқары судының 2016-жыл 26-сентябрьдеги қарары менен «Жиҳадшылар» диний-экстремистлик ағымы шөлкеминиң жумысы Өзбекстан Республикасы аймағында қадаған етилген шөлкемлердиң дизимине киргизилген.

Пуқараларымыз, әсиресе, жасларымызды сергек болыўға шақырып, бул сыяқлы нызам бузыўшылықларға жол қоймаў мақсетинде бузғыншы идеялардың тәсирине түсип, социаллық тармақлардың гүманлы сайтларындағы шақырықларға алданып қалмаўын, жәмийетлик тәртипке қәўип салатуғын материаллардан пайдаланбаўын, сақламаўын ҳәм тарқатпаўын сораймыз.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң «Minjust.uz» атлы веб-сайтында экстремистлик ҳәм террористлик шөлкемлер ҳаққындағы мағлыўматлардың жәрияланып барылып атырғанын мәлим етемиз.

 

ИИМ Мәлимлеме хызмети

ӨзА