Нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитетиниң «Алкоголь өнимлери ушын ең кем көтере ҳәм усақлап сатыў баҳаларын қайта көрип шығыў ҳаққында»ғы қарарының жойбарын жәриялады.
Қарар менен Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2009-жыл 23-ноябрьдеги «Алкоголь өнимлери ушын ең кем көтере ҳәм усақлап сатыў баҳаларын енгизиў ҳаққында»ғы қарарына муўапық алкоголь өнимлери ушын ең кем көтере ҳәм усақлап сатыў баҳалары қайта көрип шығылып, олар қосымшаға муўапық муғдарларда белгиленеди.
Қарар жойбарына бола, алкоголь өнимлер (пиводан тысқары) ушын ең кем көтере ҳәм усақлап сатыў баҳалары төмендегише белгиленген:
Сатылып атырған товардың атамасы | Ислеп шығарыўшы кәрханалардың ең кем көтере сатыў баҳасы | Ең кем усақлап сатыў баҳасы |
Вино, 1 литр таяр өним ушын сум есабында | 8 600 | 10 200 |
Коньяк, 1 литр таяр өним ушын сум есабында | 31 000 | 36 600 |
Арақ ҳәм басқа да алкоголи өнимлер, 1 литр таяр өним ушын сум есабында | 22 000 | 26 000 |
Жойбарға бола, қарар 2019-жыл 1-ноябрьден баслап күшке киретуғыны белгиленген.
ӨзА