Инсанийлықтың жоқары үлгиси

2019-жыл 10-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң тапсырмасы бойынша өзбекстанлы 64 бийгүнә бала арнаўлы авиарейсте Ташкент қаласына алып келинди.

Ирак мәмлекетиниң ҳүкимети ҳәм ЮНИСЕФ Халықаралық балалар шөлкеми менен биргеликте ана Ўатанына қайтарылған бул балалар Ирақ мәмлекети аймағында аўыр шараятта жасап атырған еди.

«Меҳир – 2» инсанийлық әмелияты шеңберинде елимизге алып келинген 39 ер бала ҳәм 25 қыз баланың арасында 14 жастан 3 жасқа шекемги болған ҳәм 2 и ата-анасынан айырылған кишкене бала бар.

Гуманитарлық әмелият жумысшы топары тәрепинен ҳәзирги ўақытта ҳәр қыйлы халықаралық террористлик шөлкемлерге ағза болып, өзге мәмлекетлер пуқараларының тыңышлығы ҳәм парахатшылығына қәўип туўдырғаны ушын Ирақ мәмлекетинде 10-20 жыл мүддетке еркинен айырылған ямаса өмирлик қамақ жазасын өтеп атырған өзбекстанлы ҳаял-қызлар менен тийисли сәўбетлер өткерилди ҳәм перзентлерин Өзбекстанға қайтарыў бойынша олардың келисими алынды.

Бул ҳаяллардан айырымларының өмирлик жолдаслары ҳәзирги ўақытта халықаралық террористлик шөлкемлердиң қатарында қалып атырған болса, бир бөлеги жаўынгерлик ҳәрекетлер даўамында аянышлы қаза тапқанын, қалғанлары болса Ирақ ҳәм Сирияның қамақханаларында жазаны өтеп атырғанын атап өтиў керек.

Тилекке қарсы, дурыс жолдан адасып, басқа мәмлекетлер арқалы «урыс ошақлары»на барып, халықаралық террористлик шөлкемлердиң қатарына қосылған ата-аналардың перзентлери руўхый ҳәм физикалық қыйыншылықларға дус келген.

Ендигиден былай бул балалар барлық қолайлықларға ийе саламатландырыў мәкемесине жайластырылады. Қәнигелер оларға ҳәр тәреплеме медициналық, психологиялық ҳәм социаллық жәрдем көрсетеди. Балалар ушын ыссы аўқат шөлкемлестирилип, жаңа кийим-кеншек пенен тәмийинленеди.

Олардың шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетлерди рәсмийлестириў, қәўендерлер ҳәм ғамхорларға бириктириў, бақша, мектепке жайластырыў мәселелери де шешиледи.

Мәмлекетимиз басшысының кеңпейиллик сиясаты тийкарында әмелге асырылып атырған «Меҳир» инсанийлық әмелияты даўам етеди ҳәм ҳеш бир Өзбекстан пуқарасы қорғаўсыз қалмайды.

photo5258509309136973516.jpg

photo5260442332182981744.jpg

photo5258509309136973519.jpg

photo5258509309136973522.jpg

photo5260442332182981749.jpg

Анора СОДИҚОВА, ӨзА