Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ) қатнасыўшы мәмлекетлериниң Вена қаласындағы турақлы ўәкиллеринен ибарат делегация мәмлекетимизге келди.

Бул сапар Өзбекстанның Австриядағы елшиханасы тәрепинен шөлкемлестирилди. Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде 10-октябрь күни делегация ўәкиллери менен ушырасыў болды.

Сөйлесиўде мәмлекетимиздиң ЕҚБШ менен тығыз бирге ислесиўге таяр екенлиги атап өтилди. Өзбекстанның Ҳәрекетлер стратегиясына муўапық әмелге асырылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясатындағы кең көлемли өзгерислер елшилер тәрепинен жоқары баҳаланды.

ЕҚБШ жанындағы турақлы ўәкиллер регионда пүткиллей жаңа сиясат орталығының қәлиплесиўине, мәмлекетлераралық исенимниң сезилерли дәрежеде артыўына, дәстүрге айланған дослық ҳәм жақсы қоңсышылықтың беккемлениўине алып келген мәмлекетимиздиң регионаллық бирге ислесиўди раўажландырыў бағдарындағы ҳәрекетлерин қоллап-қуўатлады.

Делегация ағзалары сол күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы  Танзила Норбоева менен ушырасты. Онда мийманларға парламент жоқары палатасының жумысы ҳаққында мағлыўмат берилди.

Делегация ағзалары Өзбекстанның ЕҚБШ менен бирге ислесиўиниң жеделлескени, парламент ағзаларының ЕҚБШ Парламент ассамблеясының жумысында, оның ҳәр жылғы сессияларында белсене қатнасы бойынша өз пикир-усынысларын билдирди. Өзбекстандағы кең көлемли реформалардың ашық-айдынлығы, халық пенен тиккелей сөйлесиўлер алып барылып атырғаны, гендер теңликти тәмийинлеў, шаңарақты беккемлеў, ҳаял-қызлардың социаллық-сиясий белсендилигин арттырыў, ҳаял-қызларға зорабанлық, күш ислетиўге жол қоймаў бойынша көрилип атырған илажлардың әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы жыл 22-декабрь күни мәмлекетимизде болып өтетуғын сайлаўалды бақлаўында ЕҚБШ Демократиялық институтлары ҳәм инсан ҳуқықлар бойынша бюросының толық миссияның қатнасыўы күтилмекте. Усы мүнәсибет пенен ЕҚБШ  ўәкилханаларының басшылары  Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Мырза-Улығбек Абдусаломов пенен ушырасты.

Сөйлесиўде делегацияға мәмлекетимизде парламент сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында мағлыўмат берилди.

Бул әҳмийетли процесс – «Жаңа Өзбекстан: жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткериледи. Ең алдынғы халықаралық стандартлар тийкарында қысқа пурсатта ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте Сайлаў кодексиниң жойбары ислеп шығылды ҳәм қабыл етилди. Бул кодекс Өзбекстан Республикасы Президенти, Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутатлары, Сенат ағзалары, ўәлаят, районлық ҳәм қалалық кеңеслер депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериў менен байланыслы қатнасықларды тәртипке салады және пуқаралар қәлеўиниң еркин билдирилиўин тәмийинлейтуғын кепилликлерди белгилейди.

Жаңалықлардан және бири, быйыл сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими қәлиплестирилген. Сайлаўда 20 миллион 600 мың пуқараның даўыс бериўи күтилмекте. Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен даўысларды қайта санап шығыў, сайлаўшылардың мүрәжатларын көрип шығыў ҳәм сайлаў нәтийжелерин жәриялаў бойынша нызам жойбарларын ислеп шығыў режелестирилген.

– Мәмлекетиңизде көплеген тараўлар қатарында демократиялық сайлаўлар бағдарында алып барылып атырған илажларды қоллап-қуўатлаймыз, – деди ЕҚБШның Словакия бойынша ўәкили Катерина Жакова. – Биз Орайлық сайлаў комиссиясы менен сайлаўлар тараўында бирге ислесиўге, бул бағдарда өз усынысларымызды бериўге таярмыз. Дипломатлар сапар даўамында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба  коммуникациялар агентлигиниң мәмлекетимизде ҒХҚ еркинлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли мәселелери ҳәм тараўда алып барылып атырған реформаларға бағышланған дөгерек сәўбетинде қатнасыў ушын Самарқанд қаласында да болады.

5.JPG

17.JPG

19.JPG

11.JPG

Абдулазиз МУСАЕВ,

Малоҳат ҲУСАНОВА,

ӨзАның хабаршылары